Қарақалпақстан Республикасы Ҳаўа райын бақлаў орайының мағлыўматларына қарағанда, республикамызда 10 метеостанция бар. Олар ҳаўа райын ҳәр 3 сааттан бақлап барады. Метеостанциялар  Тақыятас, Шымбай, Тахтакөпир, Қоңырат, Мойнақ районлары, Үстирт, Жаслық, Ақтумсық, Бостан аймақлары ҳәм Нөкис қаласында орнатылған болып, олар ҳаўа басымын, самалдың бағытын, булытлардың қубылысын, жаўын-шашынды өлшеп турады.

Метеорологиялық бақлаў орайындағы үскенелер оператив түрге өтпекте. Атап айтқанда, 2017-жылы метеорология тараўында  байланыс үскенелери жаңаланды. Бурынлары қысқа толқынлы радио мағлыўмат алмасыў ушын қолланылған болса, енди Вип-Мк үскенеси қойылып қосымша мобиль байланысты (GPRS) пайдаланыў мүмкиншилиги енгизилди. Гидрометеорологиялық системаларда бақланған мағлыўматлар ҚИО ҳәм РТХ ға қысқа толқынлы радиобайланыс каналлары арқалы узатылып, олардың сапасына атмосферадағы процесслер күшли тәсир көрсетеди.

Бул үскенениң хызмети оператив түрде мағлыўмат алыўды жақсылайды.

Мағлыўмат орнында соныда айтып өтиў керек, метеорологиялық орай   синоптиклер, гидрология, агрометеорология, химиклер (ҳаўаның патаслығын анықлайды) бағдарында жумыс алып барыўшы төрт басқармадан ибарат.

Соннан, синоптиклер республика бойынша 1, 3 ҳәм 10 күнлик ҳаўа райын анықлап болжап бере алады.

 

Гаўҳар Бегжанова,

ҚМУ студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги