Үш жыллық «инвестор визасы» енгизилмекте. Ол Өзбекстанға 1,7 млрд сумнан (183,1 мың доллар) аслам инвестиция киргизген сырт ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға рәсмийлестириледи.
Президенттиң 19-сентябрьдеги пәрманы менен Өзбекстанға келетуғын сырт ел пуқараларының айырым топарлары ушын қосымша кириў визаларының категорияларын енгизиў дизимине қосымша киргизилди, деп мәлим етти Әдиллик министрлигиниң баспасөз хызмети. Бул ҳаққында gazeta.uz сайты хабар берди.
Киргизилген қосымшаға бола, дизимде бар болған «Vatandosh», «Student visa», «Academic visa», «Medical visa», «Piligrim visa»лардың қатарына енди «Investment visa» да қосылады.
«Investment visa» – Өзбекстанның экономикасына белгиленген БЕМ (Базалық есап муғдары)ның 8500 есеси муғдарында (1,723 млрд сум, ямаса ҳәзирги курс бойынша 183,1 мың доллар) инвестиция киргизген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға рәсмийлестириледи.
Бул визаның әмел етиў мүддети үш жыл.
Қарақалпақстан хабар агентлиги