Өзбекстанда мектепке шекемги билимлендириў мобиль топарлары тәжирийбе түринде ислеп шығылды. Тәжирийбе дәслеп, Қарақалпақстан Республикасында сынақтан өткериледи, бул ҳаққында togri.uz сайты хабар бермекте.
Мобиль топарлардың базасында мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў бойынша тәжирийбе-сынаў жойбарын әмелге асырыў ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2019-2020-оқыў жылынан баслап, мектепке шекемги билимлендириў мобиль топарлары тәжирийбе түринде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың айырым районларында, қайта үскенеленген ISUZU HC 40 автобуслары шөлкемлестириледи.
Мобиль топарлардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири, билимлендириў менен қамтып алынбаған балалардың ҳәр тәреплеме жетик билимге ийе болып жетилисиўине шараят жаратыўдан ибарат.
Мобиль топарларға 3 жастан 7 жасқа шекемги мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине бармайтуғын балалар қабылланады.
Қабыллаў ушын төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:
арза;
ата-ананың паспорт нусқасы;
баланың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы;
баланың 2 дана фотосүўрети;
баланың саламатлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама;
Сондай-ақ, мобиль топарларда хызметлер бийпул көрсетиледи Бунда, аўқатландырыў мәжбүрий емес, билимлендириў бир күнде 3-4 саатты қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги