USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

CУЎ РЕСУРСЛАРЫН НӘТИЙЖЕЛИ БАСҚАРЫЎ ҲӘМ ҮНЕМЛЕЎ БОЙЫНША ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни суў ресурсларын басқарыў системасын реформалаў ҳәм суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бизге белгили, пүткил дүньяда суў жетиспеўшилиги машқаласы жылдан-жылға күшейип бармақта. Мәмлекетимизде бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў илажлары көрилмекте. Тараўда басқарыў системасын жетилистириў мақсетинде Суў хожалығы министрлиги шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының көрсетпелерине муўапық ислеп шығылып атырған аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2030-жылға шекемги мөлшерленген стратегиясында да суўдан пайдаланыў ҳәм оны үнемлеў бойынша әҳмийетли илажлар нәзерде тутылған.

Мәжилисте суўғарыўдағы ысырапгершиликти қысқартыў, ажыратылып атырған бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Бүгинги күнде 3 миллион 200 мың гектар жерге 46 миллиард куб метр суў жумсалып, оның 60 проценти ғана егинлерге жетип бармақта. Өйткени жәми 180 мың километр суўғарыў тармақларының 23 проценти бетон қапламалы болып, олар да 30-35 жылдан берли дерлик жаңаланбаған. Және бир себеби егислик жерлердиң 98 проценти ески усылда суўғарылып, егинлердиң оптимал емес түрде жайластырылып атырғаны болып табылады. Суўдан нәтийжели пайдаланыў, есап-санағын жүргизиў, ирригация  тармақларында суўды үнемлеўши жаңа технологияларды қолланыў бойынша бирде-бир шөлкем талап қоймай атыр.

Сол себепли аймақлардың суў тәмийнаты ҳәм оны үнемлеў имканиятынан келип шығып, егинлерди жайластырыўдың жетилистирилген системасын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Суў хожалығы министрлигине Қубла Кореяның 7 миллион долларлық гранты есабынан 61 суў хожалығы объектинде суўдың жумсалыўын онлайн бақлаў имканиятын беретуғын «Ақыллы суў» системасын енгизиў ўазыйпасы жүкленди. Келеси жылы 120, 2023-жылға шекем болса 300 объектте усы система енгизиледи. Энергетика министрлигине 1 мың 700 насос станциясын 2020-жылдың ақырына шекем электр энергияның жумсалыўын автоматластырылған бақлаў системасына өткериў тапсырмасы берилди.

Улыўма, тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги көрсетилип өтилди.

Тараўға базар механизмлерин енгизиў де заман талабы. Өйткени, ҳәзирги ўақытта, ҳәттеки, жоқары дәрамат келтиретуғын егислик жерлерге, бағлар ҳәм жүзим атызларына да суў мәмлекет есабынан жеткерип берилмекте. Усылардан келип шығып 2020-жылда 22 райондағы 50 объектти мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик секторға бериў керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте суў хожалығында илим ҳәм инновацияны жедел раўажландырыў, өндирис пенен тығыз байланыстырыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Жас илимпазлардың илимий қолланбаларын әмелиятқа енгизиў, студентлерде жойбарлаў көнликпесин қәлиплестириў, сырт ел тәжирийбелерин ҳәм қәнигелерин тартқан ҳалда системаға инновацияларды киргизиў мақсетинде Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында «Жойбарлаў топарын» шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Барлық үлкен жойбарларда илимий хызметкерлер ҳәм қәбилетли студентлерди объектлерге бириктириў, олардың сырт елде қәнигелигин арттырыўына жәрдем бериў, және илимий-инновациялық қолланбаларды усы жойбарлар шеңберинде әмелиятқа енгизиў керек екенлиги атап өтилди.

Суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў тараўдағы ең тийкарғы ўазыйпа есапланады. Бундай технологиялардың нәтийжелилиги Ферғанадағы бир ғана фермер хожалығы мысалында талланғанда, суўдың жумсалыў қәрежетлери 50 процентке, төгин 37 процентке, жанар май 35 процентке қысқарған.

Сол себепли кейинги жылда қосымша 200 мың, 2025-жылға шекем 1 миллион гектар егислик жерге суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бүгинги күнде суў хожалығы шөлкемлериниң қарамағында 4 мың суўғарыў қудығы бар. Бир қудық 30 гектар жерге хызмет көрсетип, жылына 40-50 миллион сумға шекемги қәрежет жумсамақта. Суўғарыўда қудықтың суўын әдеттегидей жумсаў ақыбетинде жер асты суўлары барған сайын кемейип атыр. Сол себепли жуўапкерлерге қудық суўларының тутыныўшыларын 2020-жылда суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм қуяш панельлеринен пайдаланыўға өткериў бойынша көрсетпелер берилди.

Және бир мәселе – ҳәзирги ўақытта суў объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм эксплуатациялаў бойынша  ҳәм буйыртпашы ҳәм жумысты бөлип алыўшы ўазыйпасын бир мәкеме – Суў хожалығы министрлиги әмелге асырмақта. Бул болса саламат бәсекиге унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Сол себепли  57 жумысты бөлип алып ислеўши кәрхананы  министрлик системасынан шығарып, өз алдына акционерлик жәмийетине бирлестириў ўазыйпасы қойылды.

Суў тутыныўшылары ассоциацияларының жумысын қайта көрип шығыў зәрүрлиги, олар инвестиция, грант ҳәм басқа да қаржыларды тарта алатуғын арнаўлы техникаларға ийе, фермерлерге сапалы хызмет көрсетиўши профессонал структура сыпатында жумыс алып барыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер есап берди.

ӨзА