Елимизге нызамлы жол менен товар алып кириў ҳәм алып шығыў ушын жаратылған қолайлықлар ҳәм жеңилликлерге қарамастан, айырым пуқараларымыз тәрепинен түрли көринистеги товар-материаллық байлықларды жасырын жоллар менен елимизге алып кириўге болған ҳәрекетлер еле даўам етип атырғаны ашынарлы жағдай.

Бундай ҳәрекетлерге бажыхана хызметкерлери тәрепинен өз ўақтында шек қойылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, жақында «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты арқалы мәмлекетимизге кирип киятырған пуқара Ф.С. белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде, оның жүклери арасынан бажыхана уйымының аўызша сораўында мәлим етилмеген ҳәм декларациясында көрсетилмеген 1 дана басқарыўшысыз ушыў қурылмасы (дрон) бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы ҳалат бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, Бажыхана басқармасы тәрепинен усы жылдың 8 айы даўамында республикамызға нызамсыз түрде товар алып келиў бойынша 965 факт анықланып, нызамбузыўшылардан 3 млрд 179 млн 253,1 мың сумлық затлар айғақлы зат ретинде алып қойылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.