Президентимиздиң усы жыл 19-март күни Ташкент қаласында өткерилген видеоселектор мәжилисинде алға қойған бес әҳмийетли басламасының биринши басқышы жаслар мәнәўиятын жетилистириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, қәбилетли жасларды таңлап алып, оларды қоллап-қуўатлаўға бағдарланған.
Орынларда онда көрсетилген талаплардың орынланыўын тәмийинлеў, жасларымыз арасында үгит-нәсиятлаў, жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жанажан Өзбекстаным, мәнги бол аман!» сүрени тийкарында клублар шөлкемлестирилген еди. Усы клублар тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында 2019-жыл 18-19-сентябрь күнлери республикамыздағы жас дөретиўшилер арасында «Талантлы жаслар» таңлаўы шөлкемлестирилди.
Таңлаўда республикамыздың барлық район (қала)ларындағы мәденият үйлериниң, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери ҳәм колледжлериниң, сүўретшиликке, аяқ ойынына, қосық айтыўға қызығатуғын 7 жастан 30 жасқа шекемги 200ден аслам жаслар қатнасты.
Таңлаўға тийкарынан «Жас қәлемкеш», «Жас художник», «Жас қуўыршақ театры көркем өнери», «Жас аяқ ойыншы», «Жас қосық атқарыўшы» бағдарларына жуўап беретуғын өнерли жаслар қабыл етилди.
Бул таңлаўға қатнасыўшы жаслардың дөретпелери заманға сай миллийлигимизди өзинде сәўлелендиретуғын, үрп-әдетлеримиз бенен байытылған терең мазмундағы шығармалар болыўына, сондай-ақ, еркин мазмундағы (эстрада ҳәм вокал жөнелислеринде) жеке атқарыўшы жанлы ҳаўаз тийкарында қосық атқарыўына итибар қаратылды. Төрешилер таңлаў қатнасыўшыларын баҳалаўда жаңадан дөретилген дөретпениң мазмунына, тәрбиялық әҳмийетине, теманың жаңалығына, көркемлилигине, реңлердиң бир-бирине сәйкеслигине айрықша дыққат аўдарып барды.
Еки күн даўам еткен таңлаўда «Жас аяқ ойыншы» жөнелиси бойынша Хожели районындағы «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң ғумшалары» балалар аяқ ойын ансамбли, Нөкис қалалық 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Алтынай Абдикаримова, «Жас қәлемкеш» жөнелиси бойынша Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының студенти Заҳида Шәрибаева, И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатының оқыўшысы Абдирашит Смайлов, «Жас художник» жөнелиси бойынша Нөкис қалалық 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Баршынай Қарлыбаева, «Жас қосықшы» жөнелиси бойынша Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының студенти Миратдин Алланиязов, «Жас актёр» жөнелиси бойынша да усы филиал студенти Арыўжан Кеўнимжаевалар биринши орынды ийеледи.
Таңлаўда биринши, екинши ҳәм үшинши орынды ийелеген жеңимпазлар ҳәм белсенди қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.