Жаңа жылдың басынан баслап Өзбекстанға айырым категориядағы пайдаланыўда болған өнимлерди алып кириў қадаған етилиўи мүмкин. Бул ҳаққында «Өзстандарт» тәрепинен ислеп шығылған жаңа нызам жойбарында айтып өтилген, – деп жазады aniq.uz
Атап айтқанда, пайдаланыўда болған төмендеги өнимлерди алып кириў қадаған етиледи:
- Пайдаланыўда болған ямаса қайта тикленген автмобиль ҳәм аўыл хожалығы техникасының шиналары;
- Автомобильдиң аўысық бөлеклери;
- Тоқымашылық ҳәм жеңил санаат өнимлери;
- Турмыслық электр техникалары.
Сондай-ақ, алып кирилип атырған өнимлерде «Био», «Халал», «Эко», «Без ГМО», «Органик» сыяқлы белги ҳәм жазыўлар көрсетилген болса, бул өнимлердиң сертификатлары Өзбекстанның тийисли уйымларында тастыйықланыўы керек.
Оннан тысқары жаңа нызам жойбарында айтылыўына қарағанда, 2020-жылдың 1-январынан баслап Өзбекстанға алып келинип атырған өнимлер белгиленген тәртипте сертификатластырылған болыўы, экологиялық ҳәм қәўипсизлик жағынан ЕА, ЕЭА нормаларына сәйкес болыўы керек екенлиги айтып өтилген. Мәселен автотранспорт қураллары «Евро-5» экология нормаларына муўапық болыўы керек
Қарақалпақстан хабар агентлиги