Усы жылы 22-декабрь күни Өзбекстан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди. Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы хабар берди, деп жазады togri.uz  сайты.

Буннан алдын, айырым ғалаба хабар қуралларында, атап айтқанда, Россияның «Мир 24» телеканалы, сондай-ақ, «Kun.uz» веб-сайтында «Өзбекстанда сайлаўлар усы жылдың 22-декабрь күни болып өтеди. Сайлаў процесслери бурынғыдай пропорционал системада өткериледи», деген мазмундағы надурыс хабар жәрияланған еди. Бул хабар ОСК (Орайлық сайлаў комиссиясы) баслығының сөзлеринен ҳәм ОСК Баспасөз хызметинен алынғанлығы көрсетип өтилген.

Бирақ, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен усы күнге шекем бундай баянат берилмеген.

ОСК хабарында келтирип өтилгениндей Өзбекстанда сайлаў процеси пропорционал системада емес, ал мажоритарлық сайлаў системасында өткериледи. Нызамшылық палатасына ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаў аймақлық бир мандатлы сайлаў округлери бойынша көп партиялылық тийкарда өткериледи.

Сайлаў кодексиниң 36-статьясына тийкарланып Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаў бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығы олардың ўәкилликлери мүддети тамамланыўынан кеминде үш ай бурын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясына муўапық жәрияланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар, районлар, қалалардың мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллигиниң мүддети тамам болатуғын жылда – декабрь айы биринши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи.

Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў кампаниясы басланғанын жәриялаў бойынша ғалаба хабар қуралларын алдыннан хабардар етеди.

Орайлық сайлаў комиссиясы

Баспасөз хызмети