Елимиздеги кәсиплик аўқамлары ѳз ўәкилликлери шеңберинде халық билимлендириў системасында мийнет етип атырған хызметкерлердиң мийнетин қорғаў, нызам ҳүжжетлерине әмел етиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, социаллық-экономикалық, руўхый ҳәм мәнаўий мәплерин нәтийжели тәмийинлеўге айрықша итибар қаратпақта. Бүгинги күнде билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери қурамындағы басланғыш шөлкемлердиң 9 мың 691и, яғный, дерлик 54 проценти улыўма билим бериў мектеплеринде мийнет етпекте.

1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» алдынан өткерилип атырған илажлар да соның айқын бир мысалы болып есапланады.

Усы жыл 18-сентябрь күни Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде Өзбекстан билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамлары тәрепинен өткерилип атырған «Устазлар-кәсиплик аўқамлары ардақлаўында» таңлаўының екинши басқышы өткерилди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңеси президиумының қарары тийкарында өткерилип атырған бул таңлаўда республикамызда дәслепки аймақлық басқышта жеңимпаз болған 24 улыўма билим бериў мектебиниң кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң баслықлары өз-ара беллести.

Таңлаўда мектеплердеги басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлери менен жумыс бериўшилер арасында дүзилген жәмәәтлик шәрнамалар, хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы ҳәм мийнет ҳуқықларының тәмийинлениўи, басланғыш шөлкемлердиң соңғы үш жыл даўамында әмелге асырған жумыслары, жетискенликлери, сиясий билими төрешилер тәрепинен көрип шығылып, баҳаланып барылды. Баҳалаў баллық системада әмелге асырылды.

Таңлаў жуўмағында Нөкис қалалық 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң кәсиплик аўқамы баслығы Нуржамал Алламуратова 291 балл топлап биринши, Хожели районлық 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң кәсиплик аўқамы баслығы Сайёра Маткаримова 246 балл топлап екинши, Төрткул районлық 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң кәсиплик аўқамы баслығы Азада Юлдашова 234 балл топлап үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлыкланды ҳәм келеси Республикалық басқышқа жоллама алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.