25 сумлық ҳәм оннан киши номиналлық баҳадағы тыйынлар ҳәм банкноталарды айланыстан қайтарып алыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлады.
Бул Режеге бола, Орайлық банк тәрепинен айланысқа шығарылған 1, 3, 5, 10, 20, 50 тыйынлық, 1, 5, 10, 25 сумлық баҳадағы тыйынлар, сондай-ақ, 1, 3, 5, 10, 25 сумлық ески үлгидеги банкноталар (қағаз ақшалар) 2020-жыл 1-марттан баслап нызамлы төлем қуралы сыпатында өз күшин жоғалтады.
Бул тыйын ҳәм банкноталар ҳеш қандай қарсылықсыз, шеклеўлерсиз, төлем ямаса дәлдалшылық ҳақы өндирилмеген ҳалда:
2020-жыл 1-мартқа шекем Есап-санақ касса орайлары, коммерциялық банклер ҳәм олардың филиаллары тәрепинен;
2020-жыл 1-марттан 2021-жыл 1-январьға шекем болса тек ғана Есап-санақ касса орайлары тәрепинен алмастырып бериледи.
Айланыстан қайтарып алынатуғын ески үлгидеги тыйын ҳәм банкноталардың алмастырыў мүддети 2021-жыл 1-январьға шекем етип белгиленди.
Онда есап-санақлар қарыйдарлар ҳәм халықтың талабына тийкарланып: банк пластикалық картасы есап бетлерине кирис етиў арқалы (толық баҳада); айланыстағы тыйын ҳәм банкноталарға алмастырыў арқалы; қарыйдарлардың тийисли есап бетлерине, пуқаралардың арзасына тийкарланып аманатқа кирис етиў арқалы; коммунал ҳәм басқа да бир мәртелик төлемлер ушын қабыл етиў арқалы әмелге асырылады.
ӨзА