Шымбай районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен мапаз басынан берли районның «Тағжап», «Бахыт Гулбахар», «Әбдирейм ийшан» ҳәм «Пәшентаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жәмлеспеген ҳаял-қызлар райондағы «Сейтниязов Икрам» фермер хожалығының пахта атызларында күнине 3,5-4 тоннадан пахта термекте.
Усы теримшилер арасында, белсендилик көрсетип, күнине 120-150 килограммнан пахта терип киятырған адыңғы теримшилер Мийўагул Қурбанова ҳәм Генжехан Сейдуллаевалар басқаларға үлги болмақта.
Районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери усы теримшилерден хабар алып, ҳармасын айтыў мақсетинде атыз басына барды. Олар район ҳаял-қызларының бүгинги ислеп атырған мийнети, пахта териминдеги белсендилиги басқа да ҳаяллар ушын өрнек болып атырғанын атап өтти.
Атыз басында алдыңғы теримшилер мүнәсип хошаметленип оларға естелик саўғалар тапсырылды.
Гаўҳар Бегжанова
ҚМУ студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги