Өзбасымшалық пенен алтын қазып алыў ўақтында еки адам қайтыс болды, бир адам жарақатланды. Бул ҳаққында Өзбекстан бас прокуратурасының баспасөз хызмети хабар берди.
Ҳәдийсе 2019-жыл 17-сентябрь күни шама менен саат 18:30 ларда Пахташы районында жайласқан, мәмлекет резервинде болған «Қорақўтон» таў аймағындағы шахтада жүз берген. Аймақтағы шахтада өзбасымшалық пенен алтын қазып алыў жумысларын алып барып атырғанында таўдың тасы басып қалыўы нәтийжесинде 2 пуқара ўақыя орнында қайтыс болған, 1 пуқара болса дене жарақатын алып, районлық медицина бирлеспесине жатқарылған.
Бул жағдай бойынша район прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги