Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Раҳимжон Ҳакимов Ташкент мәмлекетлик юридикалық университеттиң ректоры етип тайынланды. Бул ҳаққында xs.uz сайты мәлим етти.
Усы күнге шекем Ҳакимов депутатлық пенен бирге Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалар ҳәм парламентлик изертлеўлер институтының директоры сыпатында ислеп атырған еди.
Мағлыўмат ушын, бул институт Президент Шавкат Мирзиёевтиң усынысы менен дүзилген ҳәм Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасының қоспа қарары менен шөлкемлестирилген еди. 2018-жылдың 12-январь күни Нызамшылық машқалалар ҳәм парламентлик изертлеўлер институты өз жумысын баслаған ҳәм оған Раҳимжон Ҳакимов басшылық етип атырған еди.
Мағлыўмат ушын, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университеттиң ректоры соның менен бирге әдиллик министриниң орынбасары сыпатында да жумыс алып барады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги