Ташкент биринши мәрте дүньяның 50 ден аслам мәмлекети қатнасып атырған «Европа мобиль ҳәптелиги»ниң рәсмий қатнасыўшысына айланды. Бир қатар мәмлекетлерде ҳәр жылы 16-22-сентябрь күнлери саламат турмыс тәризине шақыратуғын автомобильсиз күн илажлары болып өтеди.

Бүгин пайтахтымыз Ташкентте ҳәр қыйлы ҳәрекет усылларын ғалаба ен жайдырыў арқалы халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажлар режелестирилген. Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимиятының басламасында өткерилип атырған илажлар басланды.

Онда метродан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў ушын 19-сентябрь күни метрода саяхат бийпул болады. Сондай-ақ, бүгин бәндиргилердеги өтиў жоллары сәзенделер, актёрлар ҳәм басқа да кеўилашар бағдарламалардың сахнасына айланады. Акция шөлкемлестириўшилери пайтахт халқын сол күни өз машиналарын қалдырып, жумыс орнына метрода барыўға шақырмақта.

Еслетип өтемиз, 22-сентябрь күни «Автомобильсиз күн» илажы да болып өтеди. 22-сентябрь күни пайтахт халқы ҳәм мийманлар машиналарын таслап пайтахттың Учтепа районы, Лутфий көшеси бойлап пияда сейил етиўге мирәт етилмекте. Қатнасыўшылар байрам орталығынан заўықланып, ҳәр қыйлы кеўилашар ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажларда қатнасыўы ушын көше күн бойы автомобильлер ушын жабық болады. Сол күни қалада ҳәрекетлениў, қәўипсизлик, пиядалар, велосипедшилер ҳәм айдаўшылар арасындағы өз-ара ҳүрметтиң әҳмийетлилиги темасында мастер-класслар ҳәм жарыслар болып өтеди. Автомобильсиз күн «Сеул» бағындағы байрам концерти менен жуўмақланады. Илажлар «Бирге жүремиз!» сүрени астында өткериледи.

ӨзА