Социаллық тармақларда Самарқандтағы тойлардың биринде той ийесине пулдан көйлек кийдирилгени ҳаққындағы хабар тарқалды, деп жазады aniq.uz сайты.
Бул жағдайды ўәлаят ҳәкиминиң орынбасары, хаял-қызлар комитетиниң баслығы, Гавҳар Алимова және Самарқанд қаласы ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зебинисо Раҳмонова үйренип шықты ҳәм түсиник берди.
Онда айтылыўынша, усы жыл 16-сентябрь күни Самарқанд қаласындағы «Жавоҳир» ресторанында өткерилген бул тойдың ийелери Жамбай районынан болып, олар лолы миллетинен ҳәм ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласында жасайды.
Той ийелериниң бул жағдайға жуўабы төмендегише: «Бизде бул көп жыллардан берли даўам етип киятырған дәстүр. Ол бизиң миллет ушын әдет. Сондай-ақ, ағайин-туўысқанлар той ийесине усы тәқылетте той саўғасын береди. Бирақ социаллық тармақларда айтылғанындай пулдан көйлек тигилмеди.»
Бул жағдайға жол қойған, миллий валютамызға ҳүрметсизлик көрсеткен той ийелерине түсиник жумыслары алып барылды ҳәм усы сыяқлы әдетлерди тоқтатыўға шақырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги