Нөкисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына  бағышланған «Мәнаўият фестивалы» басланды.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы менен «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети, қарақалпақ ҳәм өзбек  халықларының руўхый-мәдений мийрасының өзине тән өзгешеликлериниң мәнаўий әҳмийетин сәўлелендириў болып табылады. Соның менен бирге, Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, дөретиўшилик жумыслардың мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, ишки туризмди раўажландырыў, заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланған ҳалда миллий қәдириятлар, тарийхый орынлар туўралы кеңирек мағлыўмат бериў, оларды үгит-нәсиятлаўды күшейтиў болып табылады.

Илаж Нөкис қаласындағы Бердақтың естелигине гүл шеңберлерин қойыў менен басланды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық және тәлим-тәрбияның бирлиги» темасында илмий-әмелий конфереция болып өтти.

Илажды республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов басқарып барды. Буннан кейин Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң белсендиси, философия илимлериниң докторы, профессор Ж.Шермухамедова, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Р.Мусурман, Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театрының актёры М.Салимов, «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетиниң баслығы Б.Хусанов шығып сөйлеп, елимизде руўхый-ағартыўшылық жумысларды системалы шөлкемлестириў, бул бағдардағы илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, халықтың, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалын, ой-пикири ҳәм дүньятанымын кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

-Дүньяда идеялық-идеологиялық гүреслер кескин даўам етип, руўхый қәўип-қәтерлер күшейип атырған ҳәзирги дәўирде бундай илажлардың өткерилиўи айрықша әҳмийетке ийе,-дейди философия илимлериниң докторы, профессор Жамила Шермухамедова.- Усы көзқарастан қарағанда фестиваль халықтың, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалын, ой-пикири ҳәм дүньятанымын кеңейтиўге, идеологиялық иммунитетти беккемлеўге, ўатансүйиўшилик, халыққа сүйиспеншилик ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўға хызмет етиўи менен де әҳмийетли.

Илажда «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетине қабыл етилген ағзаларға гүўалықлар тапсырылды.

Қатнасыўшыларға республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Усы күни «Маърифат тур» жойбары шеңберинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат ҳәм «Қарақалпақстанда бүгинги туризм» темасында ушырасыў болып өтти.

Буннан кейин қатнасыўшылар Арқа-батыс әскерий округининиң Нөкис гарнизонында да болды. Бул жерде «Ўатан муқаддес, оны қорғаў әдиўли миннетӘ» сүрени астында әскерий хызметкерлердиң илим, мәденият, көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Д.Чориев мийманларды қутлықлап, елимизде Қураллы Күшлер тараўын реформалаў, әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Дөретиўшилер шығармаларынан үзиндилер оқып берди.

Илаж қатнасыўшыларына Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының жәмәәти тәрепинен Б.Айтмуратовтың «Мойнақтың бахытлы таңлары атты» спектакли қойып берилди.

Фестиваль даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Сүўретлерди түсирген; М.Хабибибуллаев (ӨзА)