Жерге күшли магнит бораны жақынласпақта. Жаңа магнит бораны келеси ҳәптеде басланыўы ҳәм толық бес күн даўам етиўи күтилмекте.
Мағлыўматларға қарағанда, ең күшли геомагнитлик активлик 27-28-сентябрь күнлери сезиледи. Соң Жердиң магнитлик майданы төменлейди. Бирақ, 30-сентябрь ҳәм 2-октябрь күнлери геомагнитлик боранның күши және бираз артады.
Бундай күнлерде денсаўлығы ҳаўа райына байланыслы болған адамлар өзин жаман сезиниўи, оларда себепсиз бас аўырыўы, уйқысызлық, қуўатлылықтың төменлеўи, түскинликке түсиў жағдайлары бақланыўы мүмкин.
Сондай-ақ, геомагнитлик боран организмдеги қан басымын көтерип, жүрек-қан тамыр системасы жумысының бузылыўына да себепши болыўы мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.