Мақаланы таярлап атырған ўақтымда туристлик агентликлер менен байланысып, туристлерди қыйнап атырған машқалаларды билмекши болдым. Бир неше туристлик агентликлер менен байланыстым. Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматына бола, ҳәр жылы 1,5 млн.ға шамалас сырт елли мийман мәмлекетимизге келеди ҳәм олардың орташа 500 мыңнан асламы усы туризм мақсетинде сапар еткен. Мине усы туристлер себепли туризм потенциалы раўажланады ҳәм елимизге берилетуғын баҳаны усы адамлар белгилейди.

Саяхатқа зайыбым менен шықтым. – дейди испаниялы турист Ортиз Нетали. – Бухара ҳәм Самарқанд сыяқлы тарийхый қалаларда болдық. Адамлары оғада миймандос ҳәм аўқатлары мазалы. Бирақ базарлардағы тәртипсизликлер, әсиресе, азық-аўқат өнимлериниң жерде жайып сатылыўы кеўлимди қабартты. Ҳүжжет толтырыўда, мийманхана таңлаўда, қалалараралық жолларда қыйналдым. Аэропорттан түскенимде мийманханаға шекем таксиде 50 долларға барғанман, негизинде таксидиң баҳасы бир қанша арзан екенин кеш билдим. Бирақ соны айрықша айтып өтиўим керек Орайлық Азия мәмлекетлери ишинде Өзбекстан тәбияты, тарийхый қалалары, миймандослығы менен ажыралып турады.

Туристлик агентликлер ҳәм сырт елли туристлер менен сәўбетлесип, елимизде туризмди раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды үйренип, оларға бақлаўшы сыпатында шешим табыўға ҳәрекет еттим.

Бириншиден, оғада көп ҳәм дурыс айтылған машқалалардың биреўи, бул – авиабилетлердиң қымбатлығы. Сырт ел туристлериниң мәмлекетимизге тийкарғы сапары авиарейс арқалы болып есапланады. Соңғы ўақытлары бул тараўда жаңа қарарлар, илажлар ислеп шығылды. Әсиресе, Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропортында жолаўшылар ушын имканиятлар жаратылғанынан хабарымыз бар, ең утыслы тәрепи, бул – паспорт қадағалаўынан өтиўдиң қысқарғанлығы болып есапланады. Бирақ баҳалар елеге шекем тастай қатып турыпты. Авиабилеттиң баҳаларын оптималластырыў ҳәм авиакомпаниялардың санын көбейтиў, тараўда саламат бәсекини қәлиплестириў ўақты келди.

Екиншиден, мийманхаларда хызмет көрсетиў сапасының жоқары емес екенлиги. Туристлер әдетте саяхат етпекши болған елдиң шараятлары менен жақсылап танысып шығады.

Көпшилик туристлер бул бойынша мағлыўматларды мийманхана сайтларынан алады. Мийманханалардың сервиси, туристлер ушын шегирмелер бар екенлиги, имканиятларға қарап мийманхананы сайлайды. Мийманханаларымызда хызмет көрсетиўдиң сапасы қуўанышлы дәрежеде емес екенлигин жақсы билемиз.

Жеке меншик жайлар негизинде шөлкемлестирилген киши отель ҳәм хостеллерде хызмет көрсетиўдиң сапасы туристлерди толық қанаатландырып атыр, деп айта алмаймыз.

Әсиресе, мийманханаларда такси хызметиниң жоқ екенлиги себепли елимизге келген туристлер аэропорттан, яғный босағада турып үлкен машқалаларға дус келмекте. Оған айдаўшы ағаның ҳиндстанлы туристлерди күн бойы қаланы айландырып жүргени ушын 1500 доллар (бир ярым мың доллар) қолдан санап алғанлығын мысал сапытанда келтириўимиз мүмкин. Ондай машқалаларға шешим сыпатында кадрлардың жетиспеўшилигиниң алдын алыў, мийманханаларда такси ҳәм гид хызметин жолға қойыў, мийманхананың рәсмий сайтлары арқалы Өзбекстанның туристлик имиджин қәлиплестириў ҳәм елимизге екинши және оннан көп мәрте келип атырған туристлер ушын шегирмелер шөлкемлестирилсе мақсетке муўапық болар еди.

Үшиншиден, мәмлектимизде тарийхый орынлар оғада көп. Ҳәр бир ўәлаятта туристлерди өзине тартатуғын туристлик орайлар шөлкемлестирсе болады.

Мәселен, Наманган гүллер қаласы, жылына бир рет өткерилетуғын гүллер фестивалы аз. Бирақ гүллерден ибарат үлкен макетлер жасаў мүмкин ямаса Сурхандәрьяның бийик таўлары қушағындағы жулдызлы «Оpen hotel» ямаса Имом Термизий атындағы музейди көриўди қәлемейтуғын адам болмаса керек.

Төртиншиден, әдебий туризмди раўажландырыў керек. Сырт ел туристлери елимизге тек ғана тарийхый қалаларымыз, ас-тағамларымыз ушын келеди десек, алжасқан боламыз. Ойлап қарасақ, туристлердиң елимизге келиўи ушын оғада көп себеплер бар.

Неге десеңиз, бул ел Әлийшер Нәўайы, Мырза Улығбек, Әл-Хорезмий, Имам аль Бухарий сыяқлы уллы ата-бабаларға ўатан болған үлке болып есапланады.

Еситиўим бойынша, Шотландияда Шерлок Холмстиң жасаған жайы бар екен. Ойлап көриң. Шерлок Холмс жоқ адам, ол әдебий шығарманың қаҳарманы, бирақ туристлер дүньяның қанша мүйешинен оның оқыған китапларын, пайдаланған көз әйнеги ҳәм кийген костюмлерин көриў ушын келеди.

Бизлерде болса, әпсанаға айланған, ҳақыйқый өмирде жасап өткен уллы инсанлар бар. Қала берди ким болса да Фарҳад ҳәм Шийринниң, Ләйли ҳәм Мәжнунниң, Таҳир ҳәм Зуҳраның, Атабек ҳәм Кумуштиң жасаған жерлерин ямаса оларды өмирде көриўди қәлемейди.

Бесиншиден, аўқатланыў шақапшаларындағы машқалалар. Бул машқала сыртқы туризм ол жақта турсын, ҳәттеки, ишки туризмди раўажландырыўға тосқынлық етпекте. Өзбек палаўын еситкен, оның дәмин татыўды қәлейтуғын, Гиннесс рекордларының китабына кирген миллий тағамымыздың көринисин билиў ушын интернеттиң излеў системаларына кирип көрген туристлер көп.

Аўқатланыў шақапшаларындағы шараятлар менен мақтана аламыз ба?! Арзан, бирақ сапасына ойланып қалатуғын, қымбат бирақ берген ақшаңызға арзымайтуғын орынлар көп. Бул туристлер баратуғын орын болса, илажы болса, туристлердиң қалтасындағы тыйынына шекем алса.

Ең қызық тәрепи  сонда, айырым орынларда аўқат жейсең, бирақ ҳәжетханасына шекем төлемли етип қойыпты. Бул да негизинде хызмет көрсетиўдиң бир түри. Барлық орынларда да жәмийетлик ҳәжетханалар жоқ. елимизге келип атырған туристлердиң ҳәммеси миллардер емес екенлигин есапқа алсақ, жақсы болар еди. Жеке тәртипте өзи саяхат ететуғын туристлер ушын аўқатланыў шақапшасында тағам менюсин илажы барынша үш тилде көрсеткени мақсетке муўапық.

Алтыншыдан, миллий туризмниң имиджин жаратыў. Тараўда оғада үлкен өзгерислер күтилмекте. Көпшилик туристлер баратуғын мәмлекет ҳаққында мағлыўматларды излеў системалары арқалы алады.

Мәселен, Euronews мәмлекетимиз ҳаққында ролик ислегенинде оғада қуўанған едик ҳәм шын кеўилден жәрдем бердик. Бизлер ҳаққындағы сырт ел туристлериниң көзқарасын усы «.ru», «.org» доменлериндеги сайтлар шешип атыр.

Сырт ел туристлерин тартыў бойынша роликлер таярланды. Бирақ бул мәлимлемелер жәҳән медиа базарында қаншелли өтимли?!

Себеби, өзлеримиз де сатыўшы мақтағанды емес, қарыйдар мақтаған нәрсени алыўға қызығамыз. Ҳәр күни секунд ишинде мыңлаған «Өзбекстан» теги менен интернеттен мағлыўмат излейди, бул бизлерге болған қызығыўшылықтың артқанынан дәрек береди.

Соның ушын турақлы түрде шет тиллеринде роликлер, көрсетиўлер, мақалалардың жазылыўы ҳәм оны миллий «.uz» доменинде жәҳән медиабазарына алып шығыўды жолға қойыў керек.

– Жумысым арқалы оғада көп мәмлекетлерде болдым, – дейди журналист Беруний Алимов. – Бир нәрсени мақтаныш пенен айтыўым мүмкин өзбек халқындай миймандос миллет көрмедим. Бүгинги күнде туризм потенциалын арттырыў ушын көп жумыслар исленбекте. Бирақ тараўда кемшиликлер бар. Себеби туристлердиң «ақшасын алыўды» емес, ал оларда мәмлекетимиз ҳаққында унамлы тәсир қалдырыў тийкарғы ўазыйпамыз болыўы керек.

Әсиресе, туристлерге хызмет көрсететуғын гидлердиң хызмет көрсетиў сапасын жақсылаўымыз шәрт. Мәселен, япониялы бирге ислесиўшилерим Хийўада болды. Киши топарға өз алдына гидлер хызмет көрсетти.

Келте Минардың қурылыс тарийхы ҳаққында еки топарға да еки түрли мағлыўмат берилген. Мәселен, биринши топарда урыс себепли тоқтатылған деген болса, екинши топарда минара қурыўшысы патшаның зулымлығы себепли қанат соғып ушып кеткен деген.

Кәсиплеслерим еситкен нәрселерди бир-бирине айтып бергенинде еки түрли мағлыўмат келип шықты. Гидлерди дизимге алыў тәртибин де көрип шығыў керек. Өйткени, айырым туристлерге жергиликли пуқаралардың өзлери гид болып атыр.

Бул машқалалар тек ғана бақлаўшы сыпатында үйренгенлерим.  Себеби ўатансүйиўшилик сезими бәлентпәрўаз гәп-сөзлерден емес, ал әтирапымызда, мәмлекетимизде болып атырған өзгерислерге өзимиздиң белсенди пуқаралық позициямызды билдириўден басланады.

Жуўмақ өзиңизден…

Қаҳрамон Шерматов,

Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы,

бас қәнигеси

ӨзА