Ҳүкиметтиң 2019-жыл 17-сентябрьдеги қарары менен Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланыўда болған, сатыў ямаса жеке пайдаланыў ушын алып келинетуғын ҳәм ислеп шығарылатуғын мобиль қурылмаларды дизимге алыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды, деп жазады gazeta.uz сайты «Ҳуқуқий ахборот» телеграм каналының берген мағлыўматына сүйенип.
Қарарға муўапық:
2019-жыл 1-ноябрьге шекем – оларды автоматластырылған тәризде мобиль байланыс операторларының тармақларына жалғаў (активлестириў) арқалы бийпул тийкарда;
2019-жыл 1-ноябрьден баслап – физикалық шахслар, импортқа шығарыўшылар ҳәм өндирис кәрханаларының мобиль қурылмаларды халықаралық өзине тән идентификация кодлары бойынша дизимге алыў системасына мүрәжат етиўи арқалы бийпул, 2019-жыл 1-декабрьден баслап болса төлемли түрде дизимге алынады.
Режеге бола, мобиль қурылмаларды дизимге алыў Система операторы ямаса Системаның дизимге алыўшысына мүрәжат бойынша әмелге асырылады.
Бурын дизимге алынған мобиль қурылмалар қайта дизимге алынбайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги