Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-июльдағы ПҚ-4397-санлы «Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген айырым талаплардың надурыс түсиндирилип атырған жағдайлары ушыраспақта. Әдиллик министрлиги бул бойынша төмендегише түсиник берди.

Тармақларда елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын үш проценттен ибарат болған жыйым автотранспорт қуралларын сатып алыўшылар тәрепинен автомобильди сатып алып атырған ўақтында автомобиль баҳасы менен бирге төлениўи кереклиги, буның ушын усы жылдың 1-октябрине шекем дилерлик кәрханасы менен алып-сатыў шәртнамасына қол қойған, бирақ еле автомобилин алмаған қарыйдарлар менен қосымша келисимге қол қойылыўы және қарыйдар тәрепинен усы төлем автомобильди қабыллап алыў ўақтында дилерлик кәрханасына төлениўи кереклиги ҳаққындағы хабарлар тарқатылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-июльдағы ПҚ-4397-санлы «Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында 2019-жыл 1-октябрьден баслап елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын жыйым автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен төлениўи белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта әмелде болып турған тәртипке муўапық жаңа (алдын пайдаланылмаған) автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын төлем баҳасынан үш проценттен ибарат болып, автотранспорт қуралы Ишки ислер министрлиги уйымларынан дизимнен өткериўде автотранспорт қуралы ийеси (пайдаланыўшы) тәрепинен төлениўи керек.

Яғный алдын автомобиль сатып алып атырған автомобиль ийеси усы автотранспорт қуралын ишки ислер уйымларынан дизимнен өткерип атырғанда үш процентлик жыйымды төлеп келген болса, буннан былай быйылғы жылдың 1-октябринен баслап елимизде ислеп шығарылған автотранспорт қуралын сатып алғаны ушын бул жыйым автотранспорт қуралын ислеп шығарыўшылар тәрепинен төленетуғын болды.

Пуқаралық кодексине муўапық нызамларда ямаса шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзлестирилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин. Шәртнама дүзиўге мәжбүрлеўге жол қойылмайды.

Соған муўапық, шәртнамада автомобиль ушын төленетуғын ҳақы муғдарын өзгертиўге жол қойылмайды. Буның ушын шәртнама бойынша ҳәр еки тәрептиң разылығы талап етиледи, шәртнама дүзиў ўазыйпасы нызамда ямаса жүкленген миннетлемеде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.

Таңлаў тийкарында дилерлик кәрханалар ҳәм сатып алыўшылар арасында дүзилген шәртнамалардың анализи шәртнама баҳасы тек ғана автомобильге қосымша опциялар орнатылғанда өзгериўи мүмкинлиги белгиленгенлигин көрсетти.

Жоқарыда атап өтилгениндей, 1-октябрьге шекем дилерлик кәрханасы менен алып-сатыў шәртнамасына қол қойған, бирақ еле автомобильди алмаған қарыйдарлар менен жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын үш проценттен ибарат болған жыйымды дилерлик кәрханасына төлетиў бойынша қосымша келисим дүзиўге болған бир тәреплеме ҳәрекетлер нызам ҳүжжетлерине қайшы келеди.

 

Ислам Матеков аўдармасы,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.