Ташкентте 17-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты ҳәм Тәжикстан Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты арасында еки тәреплеме мәсләҳәтлесиў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Виктор Махмудов ҳәм Тәжикстан Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Маҳмадали Ватанзоданың басшылығында өткен мәсләҳәтлесиў ўақтында еки тәреплеме жоқары дәрежедеги сапар етиўлер, Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасында стратегиялық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы узақ мүддетли бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм кеңейтиўге унамлы тәсир көрсеткени атап өтилди.

Еки мәмлекет басшыларының исенимли ерк-ықрары себепли мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар жаңаша мазмун менен байып, жоқары дәрежеге көтерилди.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан – Тәжикстан мәсләҳәтлесиў механизми еки мәмлекет арасындағы жақын қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиўди избе-из ҳәм тез пәтлерде раўажланыўдай улыўма мақсетке хызмет ететуғыны, пуқараларымыздың мәплерине сәйкес келетуғыны, өзбек және тәжик халықларының тыныш турмысын, абаданлығын тәмийинлеўге қаратылғаны атап өтилди.

Мәсләҳәтлесиў регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты, Орайлық  Азия мәмлекетлериниң избе-из раўажланыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Тәреплер мәмлекетлеримиз арасында қәўипсизлик тараўында ҳәр қыйлы дәрежедеги көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, келешекте шәртнамалық-ҳуқықый базаны беккемлеў ҳәм биргеликтеги әмелий ҳәрекетлерди раўажландырыўға таяр екенликлерин тастыйықлады.

Мәсләҳәтлесиў ўақтында экстремистлик ҳәм терроршылық ҳәрекетке қарсы биргеликте ҳәрекет етиў тараўындағы бирге ислесиўдиң әмелий механизмлерин жетилистириў, шегаралық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм улыўма мәмлекетлик шегараларда экономикалық мәплерди қорғаў мәселелери көрип шығылды.

Илажда Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да жетилистириў бойынша улыўма басламалар ҳәм усыныслар ислеп шығылды, өз-ара қатнасықлардың раўажланыўындағы жоқары пәтти сақлаў, усы процессти бар потенциал, пайдаланылмаған имканиятлардың есабынан және де жеделлестириў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Еки тәреплеме мәсләҳәтлесиўдиң жуўмағына бола, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты ҳәм Тәжикстан Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты арасында бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға ҳәм қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын Протоколға қол қойылды.

 

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы.