Пуқаралар тәрепинен сапасы кепилленбеген товарларды елимизге жасырын жоллар менен алып кириў ҳәм олардың нызамсыз айланысына қарсы бажыханашылар нәтийжели гүрес алып бармақта.
Атап айтқанда, «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты арқалы елимизге кирип келген пуқара А.С. ның қол жүклери бажыхана тексериўинен өткерилди.
Нәтийжеде бул пуқара бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында мәлим етпей ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетпей улыўма баҳасы 12 миллион сумлық 24 шийше вискилерди ҳеш қандай тийисли ҳүжжетлерсиз алып кириўге урынғанлығы анықланды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайты мәлим етти.
Ҳәзирги ўақытта жоқарыдағы жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги