Соңғы мағлыўматларға қарағанда, жарылыў ақыбетинде 25 адам қайтыс болған, және 31 адам жарақатланған, президент ҳәм оның жанындағылар жәбирленбеген, деп жазады kun.uz сайты.
Аўғанстанның Парван ўәлаятында мәмлекет президенти Ашраф Ғани қатнасыўындағы сайлаў алдынан илаж ўақтында теракт әмелге асырылды.
Бомба илаж өткерилип атырған аймаққа кирер жерде турған полиция машинасына орнатылған болған.
Ҳәзирше бул теракт ушын жуўапкершиликти ҳеш бир шөлкем өз мойнына алмады.
Аўғанстанда президент сайлаўлары 28-сентябрге белгиленген. Буннан алдынырақ «Талибан» ҳәрекети ўәкиллери сайлаўды тоқтатыўды режелестирип атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги