Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Медицина бөлиминиң тәжирийбели хызметкерлеринен ибарат бир топар шыпакерлер Қараөзек районы Есимөзек аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын медициналық тексериўден өткерди.
Қарақалпақстан Республикасының үшинши сектор басшысы, Ишки ислер министри, полковник Айтбай Темирханов тәрепинен усы жыл 5-сентябрь күни өткерилген көшпели қабыллаўда, усы жерде жасаўшы адамлар тәрепинен аўылдағы медицина мәкемесинде керекли кәнигелер ҳәм асбап-үскенелердиң жетиспеўшилиги, нәтийжеде медициналық хызмет көрсетиўде машқалалар бар екенлиги атап өтилген еди.
Илаж даўамында медицина бөлиминиң тәжирийбели хирург, лор, тери, нерв, көз, кардиолог, стоматалог, руўхый кеселликлери бойынша жетекши қәнигелери тәрепинен жәми 113 адам, соның ишинде 84 үлкен жастағы адам, 27 жас өспирим және 2 үй шараятында емленип атырған наўқас медициналық тексериўден өткерилди. Сондай-ақ, наўқасларға ултрасес (УЗИ) ҳәм ЭКГ аппаратларында анық диагноз қойылып, керекли дәри-дәрмақлар бийпул тарқатылды.
– Бүгин тәжирийбели медицина хизметкерлери мениң ден саўлығымды ЭКГ аппаратында тексерип, анық диагноз қойды ҳәм керекли дәри-дәрмақларды бийпул берди-дейди усы АПЖ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Айнияз Ниязбаев. Бундай көшпели медициналық тексериўлерди шөлкемлестирген сектор басшысына ҳәм медицина хизметкерлерине аўыл пухаралар жыйыны турғынлары атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Ишки ислер министрлиги Медицина бөлиминиң шыпакерлери райондағы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын да медициналық тексериўден өткерди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.