Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-сентябрь күни Азия футбол конфедерациясының президенти Шайх Салмон бин Иброҳим Ал Халифаны қабыллады.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм АФК арасындағы нәтийжели шериклик мәмлекетимизде футболды ғалаба ен жайдырыў ҳәм жасларды усы спорт түрине кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға қаратылғанын ҳәм избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Өзбекстан 1994-жылдан баслап конфедерацияның ағзасы есапланады. Бүгинги күнде бул шөлкем менен биргеликте футболды раўажландырыў, соның ишинде, аймақларда заманагөй спорт инфраструктурасын жаратыў ҳәм барларын реконструкциялаў, жас спортшыларды қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар футболын раўажландырыў, үлкен халықаралық жарысларды өткериў, техникалық жәрдем бойынша әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған көплеген илаж ҳәм бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Ушырасыўда Азия футбол конфедерациясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимизде футбол бойынша үлкен халықаралық жарыслар, соның ишинде, жас өспиримлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар командалары арасында континент ҳәм жәҳән бириншиликлерин шөлкемлестириў ушын имканиятлардың бар екенлиги атап өтилди.
Конфедерация Өзбекстанда халықаралық дәрежедеги футбол инфраструктурасын жаратыў, методикалық тәмийнат, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, жоқары маманлықтағы қәнигелер, тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаўдағы жәрдемин даўам еттириўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
АФК президенти мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда ғалаба спортты үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атырған сиясатты, соның ишинде, футболдың раўажланыўы қоллап-қуўатланып атырғанын жоқары баҳалады.
Шайх Салмон бин Иброҳим Ал Халифа Азия футбол конфедерациясы Өзбекстан менен кең көлемли шерикликти раўажландырыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенлигин және әмелий бирге ислесиўге қаратылған жаңа бағдарлама ҳәм жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екенлигин билдирди.
ӨзА