Қанлыкөл районында Өзбекстан Республикасы Жаслар Аўқамы районлық Кеңеси ҳәм ӨзЛиДеП районлық Кеңеси тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияланыўшылары арасында сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилди.

Онда шығып сөйлеген қәнигелер, Президентимиз басламасының 5 бағдарында көрсетилгениндей, балаларымыздың мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде музыка, сүўретшилик, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў, усы мәкемелер балалығынан баслап олардың қәбилетин жүзеге шығарыўға хызмет етиўи кереклигин атап өтти.

Жарысты өткериўден мақсет – балалардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм сүўрет салыў бойынша қәбилетин арттырыў болып есапланады.

Қәнигелер балалар тәрепинен салынған сүўретлерди баҳалап барды. Таңлаў жуўмағында районлық 1-санлы МШБМ тәрбияланыўшысы  О.Сапарбаев биринши, 4-санлы МШБМ тәрбияланыўшысы  Ж.Медетбаев екинши, 2-санлы МШБМ тәрбияланыўшысы  Р.Қутлымуратова үшинши орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған мақтаў жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаў соңында МШБМ тәрбияланыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Г.Балтабаева,

Г.Бегжанова,

ҚМУ журналистика бағдарының 4-курс студентлери.