Министрлер Кабинетиниң «Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарар менен Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасы тастыйықланды ҳәм мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (634 880 сум) оның тийкары етип қабылланды (ҳәзирги күнге шекем бирден-бир тариф сеткасының тийкары етип ең кем айлық мийнет ҳақы алынған).

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыўға болады.

photo5188250370093198522.jpg

Хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң тийкары сыпатында Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасынан пайдаланыўшы шөлкемлер мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан келип шығып, қолланылып атырған коэффициентлериниң өз ўақтында қайта есаплап шығылыўын тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақа муғдарын арттырыў ҳаққында» 2018-жыл 13-октябрьдеги Пәрманына муўапық ислеп шығылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары, бюджет ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң мийнетке ҳақы төлеў системасын түпкиликли жетилистириў концепциясының жойбарында төмендегилерди нәзерде тутады:

– мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары хызметкерлериниң мийнетине төленетуғын ҳақының муғдарын ҳәм оларды материаллық хошаметлеўдиң басқа да түрлерин анықлаўға бирден-бир методикалық көзқарас;

-айырым министрликлер ҳәм уйымлар ушын тариф ставкаларына өсип барыўшы коэффициентлер, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мийнетке ҳақы төлеў бойынша топарларының белгилениўи нәтийжесинде министрликлер ҳәм уйымлар, соның ишинде, олардың аймақлық бөлимлери арасында мийнетке ҳақы төлеўде ҳәзирги ўақытта бар болған дифференциялласыўды бийкарлаўды;

-материаллық хошаметлеў муғдарларының хызметкер жумысының нәтийжелилигиниң әҳмийетли көрсеткишлерине, оның билим ҳәм көнликпелерине, орынлайтуғын мийнет функцияларының қурамалылығы ҳәм жуўапкершилиги дәрежесине тиккелей байланыслығын белгилеўди.

ӨзА