Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-сентябрь күни Россия Федерациясы Федерал Мәжилисиниң Мәмлекетлик думасы баслығы Вячеслав Володин басшылығында мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қызғын қутлықлап, турақлылыққа ийе болған жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиў Өзбекстан менен Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларына пүткиллей жаңа пәт бағышлап, оларды анық мазмун менен байытыўға хызмет еткенлигин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы мәнисте, Мәмлекетлик думасының жоқары дәрежели делегациясының бул сапар етиўи көп қырлы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўге еки тәрептиң де умтылып атырғанының гезектеги тастыйғы болып табылады.

Вячеслав Володин, өз гезегинде, шын жүректен қабыллағаны ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа терең миннетдаршылық билдирди және Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий байланысты буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, илимий-техникалық, билимлендириў, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Парламентлераралық қарым-қатнасларды, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Россия парламентлериниң палаталары арасында жолға қойылған бирге ислесиў механизмлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда даўам еттириў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Нызам дөретиўшилиги жумысының түрли мәселелери бойынша жақын шерикликти жолға қойыў, аймақлараралық байланыслар ҳәм перспективалы  кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, еки ҳәм көп тәреплеме келисимлер, соның ишинде, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыўға жәрдем бериў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Вячеслав Володин Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеў мақсетинде парламентлераралық байланысларды кеңейтиўге умтылысы исенимли екенлигин атап өтти.

Ушырасыў соңында жоқары мәртебели мийман быйылғы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли ўәкилликли ҳәкимият уйымларына сайлаўлардың табыслы өтиўин тиледи.

ӨзА