2019-жыл 14-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилиси болып өтти. Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис күн тәртиби тастыйықланғаннан кейин сенаторлар көрип шығылып атырған мәселелерди додалаўға киристи.
Сенаторлар жумысты «Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван Келисимин (Нахичеван, 2009-жыл 3-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалаўдан баслады.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта 4 мәмлекет: Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркия Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў Кеңесиниң ағзалары есапланады. Шөлкемниң қурамы Түркий тиллес мәмлекетлер басшылары кеңеси, Сыртқы ислер министрлер кеңеси, Жоқары лаўазымлы шахслар комитети, Ақсақаллар кеңеси ҳәм Секретариаттан қуралған. Секретариат Стамбул қаласында (Түркия Республикасы) жайласқан.
Шөлкем 2009-жыл 3-октябрьде Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван Келисимине муўапық шөлкемлестирилген.
Сенаторлар кейинги ўақытта Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў Кеңесине ағза мәмлекетлер, бәринен бурын, региондағы қоңсы мәмлекетлер менен сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў тереңлесип атырғанлығын атап өтти. Бул Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў Кеңеси шеңберинде Өзбекстанның көп тәреплеме бирге ислесиўин раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Буннан тысқары, мәмлекетимиздиң шөлкемге ағза болыўы товарлар, капиталлар, хызметлер ҳәм технологиялардың еркин ҳәрекетлениўин избе-из әмелге асырыў, қаржы ҳәм банк операцияларын әпиўайыластырыў мақсетинде саўда ҳәм инвестициялар ушын қолайлы шараят жаратыўға, бажыхана ҳәм транзит тәртип-қағыйдаларын және де әпиўайыластырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлер, марҳумларды еске түсириўге бағышланған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириўге ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеңесиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң Қоспа қарарын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Шығып сөйлегенлер бул мәселе пүткил жәмийет ушын әҳмийетлилиги себепли оның Сенаттың жалпы мәжилисинде додалыўы айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Кейинги жылларда халқымыздың узақ жыллық қәдириятларын ҳәм дәстүрлерин өзинде сәўлелендирген тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлер, марҳумларды еске түсириўге бағышланған илажларды өткериўде дәбдебебазлық, өзин көрсетиў, басқалардың социаллық жағдайын есапқа алмаў, ысырапгершилик, халқымыздың үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлерин менсинбеў сыяқлы иллетлер көзге тасланбақта.
Бундай жағдайларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде, сондай-ақ, пуқаралар жыйынларында шаңарақлық илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў мәселелери бойынша комиссиялар дүзилди, көплеген түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилди.
Бирақ үйрениўлерди таллап көргенде, сондай-ақ, халық пенен тиккелей өткерилген сөйлесиўлер, жәмийетшилик ўәкиллеринен келип түскен мүрәжатлар усы тараўда бир қатар айрықша машқала ҳәм кемшиликлер елеге шекем сақланып атырғанын көрсетти. Атап айтқанда, айырым пуқаралар дәбдебели тойларға үлкен қаржы жумсалыўы себепли қарызға батып атыр ҳәм қарызын үзиў мақсетинде сырт елге жумыс ислеў ушын шығып кетпекте.
Айырым пуқаралар шаңарақлық илажларды дәбдебе менен өткериўди қоңсылар, туўысқанлардың сын көзқарасынан, улыўма айтқанда, жәмийетшиликтиң басымынан қутылыў қуралы сыпатында түсинбекте. Бундай илажлар жақын туўысқанлар арасында қарама-қарсылықлардың пайда болыўына алып келмекте.
Сенаторлар кең жәмийетшиликтиң пикир-усыныслары ҳәм тилеклеринен келип шығып, бундай жағдайларды сапластырыў, халық, әсиресе, жасларда бул мәселениң мазмун-мәниси ҳаққында дурыс түсиник пайда етиў мақсетинде қатан илажлар көриў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Додалаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлис Сенатының Мәлимлеме хызмети
ӨзА