Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Қәдирли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сизлерди гөззал ҳәм миймандос Ферғана ойпатлығында, әййемги ҳәм сулыў Қоқанд қаласында қутлықлап атырғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бәршеңизди ЮНЕСКО қәўендерлигинде өткерилип атырған биринши Халықаралық өнерментшилик фестивалының салтанатлы ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

Пурсаттан пайдаланып, Жәҳән өнерментлери кеңеси президенти, ҳүрметли Рози Гринлис ханымға әнжуманымызда қатнасып атырғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Фестивалымызға келген Россия Федерациясының мәденият министри Владимир Мединскийди, Қазақстан Республикасының мәденият ҳәм спорт министри Ақтоты Раймқулованы, Түркменстан мәденият министри Атагелди Шамурадовты, Тәжикстан Республикасының мәденият министри Шамсиддин Ўрумбекзоданы, Әзербайжан Республикасының мәденият министри Абулфас Гараевты, Қырғызстан Республикасы мәденият, мәлимлеме ҳәм туризм министри Азамат Жаманқуловты, Беларусь Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары Наталья Карчевскаяны, Армения Республикасы билимлендириў, илим, мәденият ҳәм спорт министриниң орынбасары Нарина Хачатурянды шын қәлбимнен қутлықлаймыз.

Буннан тысқары, Қытай көркем өнер ҳәм өнерментшилик ассоциациясының президенти Ху Нианшаға, Ҳиндстанның Харияна штаты туризм министриниң орынбасары Виджай Вардханға, Малайзия халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў корпорациясының бас директоры Энчик Ибрагим бин Исмаилға, сондай-ақ, ЮНЕСКОның жоқары мәртебели ўәкиллери және Жәҳән өнерментлери кеңесиниң Азия-Тыныш океаны, Америка ҳәм Африка регионлары бойынша басшыларына шын кеўилден миннетдаршылық билдиремиз.

Арамызда сырт мәмлекетлердиң Өзбекстандағы ҳүрметли елшилерин ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин көрип турғанымыздан қуўанышлымыз.

Фестивалымызда дүньяның 78 мәмлекетинен 370 тен аслам шебер өнермент, белгили мәденият ғайраткерлери, көркем өнер таныўшы илимпазлар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Бәршеңизди шын жүректен қутлықлап, Өзбекстанға усы әнжуманға болған үлкен ҳүрмет ҳәм итибарыңыз ушын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Улыўмаинсаныйлық мәденияттың ажыралмас бөлеги болған халық әмелий көркем өнери дүньядағы ҳәр бир халықтың турмысында, оның турмыс тәризи ҳәм қәдириятларының раўажланыўында айрықша орын тутатуғыны белгили.

Инсанияттың саналы турмысында өнерментшиликтиң пайда болыўы – бул цивилизацияға қарай тасланған ең әҳмийетли тарийхый қәдем, десек, ҳақықыйқатты айтқан боламыз.

Инсанияттың мақтанышы болған уллы қалалар, архитектуралық имаратлар, тарийхый ҳәм археологиялық естеликлер, мыңлаған музейлердеги бийбаҳа экспонатлар бул пикирди айқын тастыйықлайды.

Ҳәммемизге белгили, халық әмелий көркем өнери – бул ең дәслеп, тәбият пенен үнлес болып, тәбияттан қуўаныш ҳәм илҳам алып, қайталанбас дөретиўшилик үлгисин жаратыў болып табылады.

Өзиңиз көз алдыңызға келтирип көриң, әпиўайы қара топырақтан, темир ямаса ағаш бөлегинен  бийбаҳа ҳәм гөззал буйымларды жаратыў, керек болса оларға «жан ҳәм тил» бағышлаў ушын өнерментке тек ғана машақатлы қол мийнети емес, ал шын кеўилден меҳир бериў керек. Нәзик талғам ҳәм шеберлик, сабырлылық, ең баслысы, өз кәсбине шексиз меҳир ҳәм садықлық, пидайылық керек.

Соның менен бирге, шын мәнисинде өнер ийеси – ол гүләл бола ма, темирге нағыс ойыўшы ямаса тоқыўшы бола ма, нағыс салыўшы ямаса зергер бола ма – өз жумысын жоқары дәрежеде орынлаўы ушын оғада көп илимлерден, ең дәслеп, химия, биология, медицина, физика, геометрия, астрономия, тарийх, философия сыяқлы илимлерден хабардар болыўы, оларды әмелде қоллана алыўы керек.

Усы бағдарда бир ғана мысал келтирмекшимен.

Пүткил дүньяға белгили болған миллий кестешилик көркем өнеримиз, ески гилемшелеримиздеги сырлы, әжайыбатқа бай илаҳий нағыслар, реңлердиң рәңбәреңлигиниң төркининде астрономия илими космогониялық көзқараслар жәмленгени ҳәр қандай адамды да таң қалдырады.

Халқымыз әзелден өз кәсибиниң шын мәнисиндеги пидайысы болған шебер өнерментлерди «уста» ҳәм «устазада» деген атлар менен улығлап, ҳүрметлеп келеди.

Усы орында уллы ойшыл Баҳаўаддин Нақшбанд бабамыздың «Өнер сондай тулпар, оны минген адам әлбетте ҳүрмет-итибар табады ҳәм бахыт мәнзилине жетеди», деген ҳикметли сөзлерин еске түсириў керек деп билемен.

Келеси жылы туўылғанының 700 жыллығы белгиленетуғын бул уллы инсан тек ғана әзиз улама емес,  ең дәслеп, өзи де жетик өнермент, өнердиң пири болған. Бул уллы тулғаның «Кеўлиң – Аллада, қолың – мийнетте болсын» деген инабатлы  шақырығына әмел етип, елимиздеги мыңлаған өнерментлер өзлериниң машақатлы, ҳадал мийнети, инсаныйлық пазыйлетлери менен халқымызға, жасларымызға  өрнек ҳәм үлги болып келмекте.

Ҳәзирги ўақытта бүгинги глобалласыў ҳәм жоқары технологиялар әсиринде халық әмелий көркем өнерине әпиўайы өтмиш естелиги сыпатында менсинбеўшилик пенен қараў жағдайлары да, тилекке қарсы ушыраспақта. Егер бул бийбаҳа көркем өнерди мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен кең қоллап-қуўатлаймайтуғын екенбиз, ертең кеш болады – өнерметшилик тараўы бүгинги дәўирдиң кескин бәсекисине шыдам бере алмайды.

Усы мәниде, дүнья халқы әмелий көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, бул бийбаҳа байлықты келешек әўладларға мүлтиксиз жеткериў, бул жолдағы ис-ҳәрекет ҳәм имканиятларымызды бирлестириўде мине усындай халықаралық әнжуманлардың орны ҳәм әҳмийети оғада гиреўли.

Өзбекстанда өнерментлердиң мийнетин қәдирлеў, олардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын тийисли ҳуқықый тийкар, имканиятлар ҳәм жеңилликлер    жаратып берилмекте. Олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғайтуғын, өз қатарларында мыңлаған усталарды бирлестирген «Өнермент» ассоциациясы жумыс алып бармақта.

Бухаралы белгили алтын зерлеўши шебер Муяссар Темирова, Самарқандлы оңлаўшы уста-реставратор Мирумар Асадов, ферғаналы ағаш устасы Абдуғаний Абдуллаев сыяқлы жерлеслеримиз мәмлекетимиздиң ең жоқары сыйлығы – Өзбекстан Қаҳарманы атағына ийе болғаны бул тараў ўәкиллериниң мақтанышлы мийнетине берилген жоқары итибар болып табылады.

Биз перзентлеримизди ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаў, олардың заманагөй билимлер менен бирге, халық әмелий көркем өнериниң сырларын да пуқта ийелеўи ушын кең имканиятлар жаратып берип атырмыз. Республикамыз пайтахты ҳәм орынларда усы бағдарда онлаған фестиваль ҳәм ярмаркалар, саўда көргизбелери, таңлаўлар өткерилмекте, жаслар ушын өнерментшилик мектеплери шөлкемлестирилмекте. Ең баслысы, бул тараўдың ўәкиллери мәмлекетимизде жаңа жумыс орынларын жаратыў, жасларды жәмийетлик жумысқа тартыў, туризмди раўажландырыўға үлкен үлес қоспақта.

Биз тарийхымыз, миллий өзлигимиздиң тымсалы болған әййемги ҳәм бай дәстүрлерге ийе өнерментшилик тараўын раўажландырыўға буннан былай да үлкен итибар қаратамыз. Бул бағдарда усы халықаралық фестиваль даўамында ортаға тасланатуғын әмелий пикир алысыўлар, усыныслар, ҳеш қандай гүмансыз, айрықша әҳмийетке ийе.

Қәдирли дослар!

Өзбекстанда биринши мәрте өткерилип атырған Халықаралық өнерментшилик фестивалы ушын  Қоқанд қаласының таңлап алынғаны әлбетте, тосыннан емес. Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан бул ески қаланың халқы ҳақылы түрде «алтын ойпатлық» деп аталған гөззал Ферғана ойпатлығының гәўхары есапланады.

Еки мың жыллық уллы тарийхқа, гөззал тәбиятқа ийе, қаншадан-қанша уллы ўақыялардың гүўасы болған Ҳўқанди латиф миллий мәмлекетшилик, илим ҳәм өнер, көркем өнер ҳәм әдебияттың раўажланыўының жарқын тымсалы болып табылады.

Әжайып Ферғана ели дүнья илими ҳәм мәдениятына Аҳмад Фарғоний, Бурҳонуддин Марғиноний, Заҳириддин Муҳаммад Бобур, Бобораҳим Машраб, Амирий ҳәм Нодирабегим, Жаҳон отин Увайсий, Мавлоно Муқимий, Зокиржон Фурқат сыяқлы онлап ойшылларды, уллы шайыр ҳәм жазыўшыларды, Қодиржон Ҳайдаров сыяқлы белгили шебер өнерментлерди жеткерип бергени менен ҳәр қанша мақтансақ та арзыйды.

Бир ғана мине усы Ферғана ўәлаятының өзинде миллий өнерментшиликтиң қандай белгили брендлери бар. Бул ҳаққында айтқанда, Марғилонның айқулақтай  дөнетуғын белгили атлас ҳәм адрасларын Риштанның қайталанбас гүлалшылық өнери, Қоқандтың ағаш оймакерлигин ҳәм нағыс ойыўшылық мектеплерин, мен ойлайман артықша тәриплеўдиң қәжети жоқ.

Бүгинги күнде пүткил елимиз, пүткил Ферғана ўәлаяты сыяқлы Қоқанд қаласы, оның көриниси де пүткиллей өзгерип, ҳәр тәреплеме абат болып, мәмлекетимиздиң үлкен экономикалық ҳәм мәдений орайларынан бирине айланбақта.

Хабарыңыз бар, усы фестиваль алдында қала турмысында және бир әҳмийетли ўақыя жүз берди. Жәҳән өнерментлер кеңеси тәрепинен Қоқанд қаласына «Жәҳән өнерментлери қаласы» деген жоқары атақ берилди. Яғный, Қоқанд қаласы дүнья өнерментшилик картасында да мүнәсип ҳәм беккем орын ийеледи.

Қоқанд қаласы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамында биринши болып усы дизимге киргизилгенин биз мәмлекетимизде халық әмелий көркем өнерин раўажландырыўға қаратылған жумысларымызға халықаралық көлемде берилген үлкен баҳа, деп қабыллаймыз.

Күни кеше Жәҳән өнерментлер кеңесиниң Азия-Тыныш океаны регионының президенти Гада Ҳижобий Каддумий ханым Қоқанд қаласына әне сол гүўалықты салтанатлы түрде тапсырды.

Мине усы қуўанышлы байрамда ҳүрметли Қоқанд халқын, пүткил Өзбекстан өнерментлерин мине усындай жоқары итибар менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бундай үлкен итибар ушын Жәҳән өнерментлер кеңеси ҳәм оның президенти, ҳүрметли Рози Гринлис ханымға өзимниң, халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдириўге рухсат бергейсиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Әзиз мийманлар!

Усы халықаралық фестиваль тек ғана көп миллетли Өзбекстан халқы ушын емес, ал жәҳән өнерментлериниң, пүткил дүнья усталарының үлкен байрамы, десек, дурыс болады.

Бул – узақ тарийх ҳәм бүгинги заман нәпесин, ҳәр түрли қәдирият ҳәм дәстүрлерди өзинде айқын сәўлелендиретуғын, жақын жүреклерди бирлестиретуғын шын мәнисиндеги дослық ҳәм шериклик әнжуманы болып табылады.

Дүньяда тынышлық ҳәм аўызбиршиликти, гөззаллық ҳәм сулыўлықты үгит-нәсиятлайтуғын бул фестиваль жәҳән майданында әлбетте өзиниң мүнәсип орнын табатуғынына исенемен.

Бәршеңизди миймандос ҳәм кеңпейил Өзбекстан жеринде және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Усы әнжуманды жоқары дәрежеде өткериў ушын шын кеўилден хызмет еткен барлық ўатанласларымызға, мийнеткеш, ҳақкеўил, кеңпейил Ферғана елине, Қоқанд халқына терең миннетдаршылық билдиремен.

Фестивальдың барлық қатнасыўшыларына, ҳүрметли мийманларымызға беккем денсаўлық, жаңа дөретиўшилик табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА