Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-сентябрь күни Ферғана ўәлаятындағы «Қоқанд» еркин экономикалық зонасына барды.

Бул жерде, дәслеп, Қоқанд ҳәм Марғилан қалаларын комплексли раўажландырыўға сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша жаңа жойбарлардың презентациясы өткерилди. Соның ишинде, келеси үш жылда бул еки қалаға халықаралық финанс институтларының 1 миллиард 354 миллион долларлық жеңиллетилген кредитлериниң бағдарланыўы режелестирилген. Бул қаржы үш бағдарда – санаат ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, инфраструктуралық объектлерди модернизациялаў ҳәм көп қабатлы турақ жайлар қурыў тараўларында өзлестирилиўи нәзерде тутылған.

Қоқанд қаласында санаат ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 510 миллион доллар муғдарындағы қаржылар тартылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, аўыл хожалығын раўажландырыў ушын 63 миллион, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўындағы жойбарларға 31 миллион доллар қаржы бағдарланады. Қалада исбилерменлерге финанслық жәрдемлесиў бағдарламасы шеңберинде халықаралық финанс мәкемелериниң 500 миллион долларлық инвестициялары өзлестириледи.

Қалада инфраструктуралық объектлерди раўажландырыўға 124 миллион доллар қаржы ажыратылыўы мөлшерленбекте. Бул қаржылар есабынан ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, ыссылық системасы, автомобиль жолларын модернизациялаў, сондай-ақ, электр ҳәм газ тармақларын жаңалаў бойынша жәми 90 жойбар әмелге асырылады.

Турақ жай фондын раўажландырыў ушын 220 миллион доллар муғдарында инвестициялар тартылып, 9 қабатлы 17,  12 қабатлы 36, 16 қабатлы 65 турақ жай қурылады.

Марғилан қаласында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик секторын финанслық қоллап-қуўатлаў ушын 300 миллион доллар қаржы бағдарландырылады. Санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларына берилетуғын қаржылар қалада жаңа өндирис қуўатлылықларын қурыў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың абаданлығын буннан былай да жақсылаў имканиятын жаратады.

Марғиланда инфраструктураны раўажландырыў ушын 87,6 миллион доллар, турақ жайлардың қурылыўына 110 миллион доллар қаржы жумсалады. Жақын жылларда усы қалада 9 қабатлы 12, 12 қабатлы 54, 16 қабатлы 16 турақ жай қурылып, халықтың талабы толық тәмийинленеди. Усы тәризде еки қалада өзине тән жаңа қалашалар бой тикледи.

Мәмлекетимиз басшысы турақ жайлардың қурылысына байланыслы жойбарлар менен танысып, оларды қайта көрип шығыў, Қоқанд ҳәм Марғилан қалаларын раўажландырыў бойынша бес жыллық реже дүзиў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Бәринен бурын, қай жерде қыйыншылық бар екенлигин, адамлардың пикирин үйрениў керек, – деди Президент. – Халық қашан қайсы аймақта қурылыс болыўын билсин. Турақ жай менен жумыс орынлары мүнәсип болыўы зәрүр. Ферғаналылардың өнерментшилик дәстүрлери, аймақ имканиятларын есапқа алып, былғары-аяқ кийим, керамика, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да түрдеги кәрханалар шөлкемлестириў зәрүр.

Президент Шавкат Мирзиёев «Қоқанд» еркин экономикалық зонасындағы «Шаффоф омадли саноат» қоспа кәрханасының жумысы менен танысты.

«Қоқан» еркин экономикалық зонасы ўәлаятта бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў, шийки зат ҳәм ресурсларды терең қайта ислеў тийкарында заманагөй өндирислерди шөлкемлестириўге сырт ел ҳәм жергиликли инвестицияларды тартыў ушын қолайлы майданға айланбақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 12-январьдағы пәрманына тийкарланып шөлкемлестирилген санаат зонасы дерлик 710 гектар майданда жайласқан. Бул жерде машина қурылысы, тоқымашылық, электр техникасы, фармацевтика, азық-аўқат санааты, былғары аяқ кийим ҳәм басқа да тармақларда улыўма баҳасы 180 миллион долларлық 94 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде 52 миллион долларлық 29 жойбар иске қосылған, 1 мың 700 ге жақын жумыс орны шөлкемлестирилген. Усы жылдың сегиз айында еркин экономикалық зона резидентлери тәрепинен жәми баҳасы 407 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 3,3 миллион долларлық товар экспорт етилген.

Ҳәзирги күнде аймақта баҳасы 135,1 миллион долларлық 65 жойбар бойынша жумыслар даўам етпекте. Усы жойбарларға 55 миллион доллар муғдарындағы инвестициялар өзлестирилди. Олар иске қосылғаннан кейин, қосымша 3,1 триллион сумлық жаңа түрдеги санаат өнимлерин ислеп шығарыў өзлестириледи, 120 миллион долларлық товар экспорт етилип, 4,5 мыңға шамалас жумыс орны шөлкемлестириледи.

Президент Шавкат Мирзиёев «Қоқанд» еркин экономикалық зонасының потенциалы, бул жердеги кәрханалардың имканияты менен танысып, усы аймақты және де раўажландырыў ушын Түркияның «Гебзе» санаат зонасының тәжирийбесин үйрениў, оған исбилерменлерди таңлап жайластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Бул жерде бажыхана бөлимин шөлкемлестириў керек, олар қандай өнимди импорт етип атырған болса санаат зонасы да сол түрдеги товарларды ислеп шығарыў бойынша усыныс бериўи керек. Мәмлекетимиздеги барлық еркин экономикалық зоналардың жумысын усы көзқарастан қайта көрип шығыў зәрүр. Себеби еркин экономикалық зоналарда энергияны үнемлейтуғын, импорт орнын басатуғын, экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарылмас екен, экономикамыздың бәсекиге шыдамлылығын арттыра алмаймыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

«Шаффоф омадли саноат» қоспа кәрханасы мәмлекетимиз басшысының быйыл май айындағы сапары жуўмағында ислеп шығылған Ферғана ўәлаятын 2019-2020-жылларда раўажландырыў бойынша аймақлық инвестициялық бағдарлама шеңберинде шөлкемлестирилген.

Бул жерде жылына 230 мың дана метан ҳәм 250 мың дана пропан үскенелер, 300 мың дана аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарылады. 400 жумысшы мийнет ететуғын кәрхана өнимлери Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Россия сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етиледи.

Кәрханада келеси жылдан жүк тасыўшы каралар, 2021-жылдан Өзбекстанда биринши рет электромобильлер ислеп шығарыў мөлшерленбекте. Қытайдың «Silk road company» компаниясы менен биргеликте қурылатуғын бул жаңа қуўатлылық ушын ҳәзирги ўақытта 3 гектар майдан ажыратылған. Жойбардың улыўма баҳасы 30 миллион АҚШ доллары болып,  оның 24 миллионы сырт ел инвестициясы болып есапланады.

Есап-санақларға бола, елимизде ислеп шығарылған экологиялық таза электромобильлердиң баҳасы 3 мың доллар әтирапында болады. Олар нефть өнимлери шекленген шараятта үлкен әҳмийетке ийе. Электромобильлер бир рет қуўатландырылған кейин 150 километр аралықты басып өте алады.

Бул жойбар иске қосылса, жылына 2 мың дана электромобиль ислеп шығарылады. Бул ишки базарды транспорттың усы жаңа түри менен тәмийинлеў есесине экспорт етиў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде «Қоқанд» еркин экономикалық зонасында ислеп шығарылып атырған өнимлерди көзден өткерди, ферғаналы исбилерменлер менен сәўбетлести.

Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, тараў субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша пүткил жаңа система жаратылмақта. Президентимиздиң тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди, соңғы үш ай ишинде Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары, Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилип, исбилерменлерге иркиниш жасап атырған көплеген бюрократиялық тосқынлықлар сапластырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы аймақларға еткен сапары ўақтында исбилерменлер менен турақлы ушырасып, олардың машқалаларын тыңламақта, жумысына тосқынлық етип атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

Бул ретки ушырасыўда да Президентимиз исбилерменлерден өзлерин қыйнап атырған машқалаларды шын, ашық-айдын билдириўлерин сорады. Жәмийетимизде бизнес орталығын жаратыў, исбилерменлердиң «қолын босатыў», олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша өз пикирлерин билдирди.

– Мен кимди пуқта исбилермен деп билемен? Есабында кеминде 20 миллион доллар пулы болған исбилерменди. Бир ўақытлар 2-3 миллион доллари қаржысы болған исбилерменди табыў қыйын еди, ҳәзирги ўақытта 20-30 миллион ақшасы болған, ири кәрханалар қурып атырған, экономикамызды көтерип атырған ўатанласларымыз көбейди. Бизлер тараўды раўажландырыў бойынша дәслепки қәдемлерди қойдық. Енди жәмийетимизде бизнес орталығын жарата алсақ, адамларды исбилерменликке үйрете алсақ, гөзлеген нәтийжелеримизге ерисемиз. Сизлердиң елимизге келешекте де пайдаңыз тийиўи ушын перзентлериңизге билимиңизди мүлк етип қалдырыўыңыз керек. Сонда жәмийет өзгереди, исбилерменлик қанында бар әўлад кирип келеди, олар мәмлекетимизди де, халқымызды да бай етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўда ферғаналы исбилерменлер мәмлекетимиз басшысы менен шын кеўилден сәўбетлесиўден руўхланғанын, еркин жумыс ислеўи ҳәм мүлк ийеси болыўы ушын жаратылған имканиятлардан пайдаланып, және де нәтийжели жойбарларды әмелге асырытуғынын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Қоқанд қаласындағы Уллы ойшыллар музейинде Ферғана ўәлаятының белсендилери, нуранийлер, зыялылар пенен сәўбетлести. Онда мәденият, ағартыўшылық тараўларындағы өзгерислер, жаслардың тәлим-тәрбиясы ҳаққында сөз болды.

Президентимиз 2017-жыл 22-июнь күни Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында Қоқанд қаласындағы Уллы ойшыллар музейинде де болған ҳәм оны оңлаўға байланыслы көрсетпелер берген еди. Буннан кейин музейде кең көлемли оңлаў жумыслары алып барылды. Музей заман талапларына жуўап беретуғын жағдайға келтирилди. Заллар кеңейтилип, зәрүр техникалық қураллар менен үскенеленди. Имараттың әтирапы абаданластырылып, жоқарғы бөлеги жаңадан жабылды.

Музей экспозициясы 5 бөлимнен ибарат. Биринши бөлим Дәслепки орта әсирлерде Орайлық Азияда илим ҳәм мәденият, деп аталады. Онда Муса Хорезмий, Абу Наср Фарабий, Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Аҳмет Ферғаний, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий, Юсуп Хас Ҳажиб, Махмуд Қашғарий, Аҳмед Яссаўий, Маҳмуд Замахшарий, Бурханиддин Марғинаний сыяқлы уллы ойшыллардың өмири, илимий-дөретиўшилик жумысына байланыслы мағлыўматлар, олар жаратқан сийрек ушырасатуғын қолжазбалардың көширмелери орын алған.

Музейдиң екинши бөлиминде Темурийлер дәўиринде жаратылған илим ҳәм мәдениятқа байланыслы әййемги естеликлер, Әмир Темур, Мырза Улығбек, Саъдиддин Тафтазоний, Ғиясиддин Жамшид, Али Қушчи, Мирхонд сыяқлы ойшылларға байланыслы тарийхый шығармалар көргизбеге қойылған. Сондай-ақ, музей экспозицияларынан XVIII-XIX әсирлерде Ферғана ойпатынан жетилисип шыққан Машраб, Ҳувайдо, Садойи, Низамий Ҳўқандий, Азимий, Увайсий, Амирий, Надира, Ҳакимхан Төре, Гүлханий, Фазлий, Муҳйи, Муқимий, Фурқат, Завқий, Маҳмуд Ҳәким Яйфоний Ҳазиний сыяқлы уллы уламалардың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин.

Және бир бөлимде болса Түркистанда жадидшилик ҳәрекети ҳәм оның белгили тулғалары Махмудхожа Беҳбудий, Абдурауф Фитрат, Абдулла Авлоний, Ҳамза Ҳәкимзада Ниязий, Ашурали Зоҳирий, Ибраҳим Дәўран, Исҳоқхан Ибраттың өмири ҳәм жумысы кеңнен сәўлелендирилген. Қоқанд каллиграфиялық көркем өнери, миллий өнерментшилик ҳәм зыярат етиў орынларына байланыслы мағлыўматлар ҳәм экспонатлар да қойылған.

Музейдиң бесинши бөлиминде XX әсирде Ферғана ойпатынан жетилисип шыққан уллы алымлар, академиклер – Қори Ниязий, Теша Зоҳидов, Раҳима Аминова, Полат Қаюмий, Боқий, Азиз ҳәм Лазиз Қаюмовлар және басқалардың өмири ҳәм илимий дөретиўшилик жумысын сәўлелендиретуғын материаллар менен экпонатлар орын алған.

Музей жанында «Ойшыллардың даўамшылары» атлы оқыў-мәлимлеме орайы шөлкемлестирилген. Бул орай илимге ҳәм дөретиўшиликке қызығатуғын жаслар ушын шеберлик мектеби ўазыйпасын орынламақта.

Сөйлесиўде мәмлекетимизде миллий қәдириятларды ҳүрмет етиў ҳәм үгит-нәсиятлаў, уллы ойшыллардың мийрасын үйрениўге үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Бақсышылық ҳәм мақам көркем өнери бойынша халықаралық фестивальлар өткерилгени бул бағдарда жоқары әҳмийетке ийе болды. Имам Бухарий, Имам Термизий орайлары, Мырза Улығбек ҳәм Муҳаммед Хорезмий атындағы талантлы балалар мектеплери, алымлардың атлары менен аталған дөретиўшилик мектеплери шөлкемлестирилди. Президент мектеплери, жаңа жоқары оқыў орынлары жас әўлад ушын және де кең имканиятлар жаратты.

– Ўақыт зымырап өтип атыр. Ҳәр бир тараў бойынша излениўде, тынымсыз ҳәрекеттемиз. Өзгерислер бар, бирақ еле бизлерди қанаатландырмайды, – деди Президент.

Белсендилер пүткил Ферғана ўәлаятында болғаны сыяқлы Қоқанд қаласында дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылып атырғаны, Халықаралық өнерментшилик фестивалы себепли қала және де абат болып, бул жерге дүнья жүзинен мийманлар келгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Қоқанд қаласындағы Уллы ойшыллар музейи жанында байрам кейпиятында жүрген ўатанласларымыз бенен ушырасты. Шын жүректен сөйлесиўде қоқандлылар Президент Шавкат Мирзиеёвқа қалада алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўлар ушын миннетдаршылық билдирди.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары