Әндижанлы теримши ҳаял бир күнде ярым тонна (500 кг) пахта терип, рекорд орнатты. Бул рекорд ушын Әндижан ўәлаяты ҳәкимияты теримши ҳаялға «Спарк» автомобилин саўға етти, деп хабар бермекте Togri.uz.

Хабарда жазылыўынша, пахта териминде белсене қатнасып атырған теримшилерге ўәлаят ҳәкимияты тәрепинен холодильник, телевизор сыяқлы хошаметлеўши саўғалар берилмекте.

Мағлыўмат ушын, ҳүкиметлик қарарға муўапық машинада терилген 1 тонна пахта ушын 600 000 сум хызмет ҳақы, қолда терилген 1 кг пахта ушын биринши теримде 800 сумнан, екинши теримде 1200 сумнан, мәўсим даўамында терим отряды басшыларына ҳәр айда 2 миллион сумнан, терим орайлары басшыларына 3 миллион сумнан мийнет ҳақы төленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.