Өзбекстанда 2018-жылдағы көрсеткишлерге қарағанда халық арасында улыўма тойып аўқатланбайтуғынлардың үлеси 6,3 процентти қурайды. Бул шама менен 2 миллион адамды қурайды. Бул ҳаққында Өзбекстан аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға арналған стратегиясында мағлыўмат берилген, деп жазбақта «Дарё».

Жәмийетшилик додалаўы ушын жәрияланған стратегиялық жойбарда көрсетилиўинше, өзбекстанлылар арасында тойып аўқатланбайтуғынлардың үлесин 2021-жылға келип 5 процентке шекем, 2025-жылы 3 процентке шекем қысқартыў, 2030-жылға келип болса азық-аўқат жетиспеўшилигине ушыраған адамлардың үлесин улыўма сапластырыў жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.