Нуратдиновлар шаңарағында және бир қуўаныш.
17-18-ноябрь күнлери Қазақстан Республикасында «Руўхый жаңғырыў» бағдарламасы шеңберинде Ақтөбе ўәлаятында өткерилген халықаралық күйшилер байқаўында жерлесимиз, жас талант ийеси Динара Нуратдинова табыслы қатнасып, 2-дәрежели диплом менен сыйлықланып қайтты.
Д.Нуратдинова жақында Қазақстан Республикасының Алматы қаласында өткерилген «BRAVISSIMO» 3-халықаралық фестивалы жеңимпазы Зинатдин Нуратдиновтың қарындасы.
Әжағасындағы көркем өнерге болған қызығыўшылыққа ҳәўес етип, Динара да көркем өнерге меҳир қойды. Ол Қоңырат районындағы Есемурат жыраў атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде оқып, көркем өнердиң әлўан түрли сырларын устазы Бахтияр Қыдырбаевтан үйренеди. 2015-жылдан пайтахтымыздағы мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң миллий музыка бөлимине оқыўға кирип, ҳәзирги күнде бул жерде устазы Оралбай Өтамбетовтан бақсышылық өнерин тереңнен үйренип келмекте.
Динара дуўтар саз әсбабы менен бирге шыңқобыз, домбыра, фортепианоны кәмине келтирип шерте алады.
Д.Нуратдинова Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айымхан Шамуратованың 100 жыллығына бағышлап өткерилген қосық ҳәм ария атқарыўшылары таңлаўында биринши орынды ийелеген еди. «Айымхан лапызы» дөгерегиниң бақсысы. Ол Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының «Уллы Зибан» көрсетиўинде «Ашық Нәжеп» дәстанын толық атқарып шықты.
Динара устазы О.Өтамбетов пенен бирге «Гөруғлы» дәстанының «Кемпир» бөлимин қарақалпақ тилине аўдарып, жаңалық ретинде халқымызға еситтириў үстинде тынымсыз жумыс ислемекте.
– Шәкирт қызымыз Динарадан күтер үмитлерим мол. Ол талантлы, талапшаң қыз. Ол устаз бақсылардың атқарыўларын қунт пенен тыңлайды, – дейди устазы О.Өтамбетов. Келешекте қарақалпақ бақсышылық өнерин жәҳәнге танытатуғын бақсы болып жетилисиўине исеним билдиремен.
– Ақтөбе ўәлаятындағы өткерилген таңлаўға 25 талабан қатнастық. Онда композитор ҳәм күйши Қазанғап Тилепберген улының дөретпеси – «Қус қайтарыў» менен қарақалпақ халық намасы «Қаражорға»ны, «Домалатпа» менен «Сайра дуўтар»ды атқарып шықтым, – дейди Динара Нуратдинова. Ҳәзир «Зулфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың республикалық басқышына қатнасып атырман. Сондай-ақ, «Гөззалық бостаным мениң» таңлаўына да қызғын таярланып атырман.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы