АҚШтың Йель университетиниң илимпазлары 2015-жыл ҳалатына Дүнья жүзиндеги тереклердиң санын есаплап шықты ҳәм оны видеокөринисте сәўлелендирди.

2015-жылда Жер жүзинде 3,04 триллион терек өсип атырғанлығы анықланған. Усы тәризде, бир адамға 408 теректен туўра келеди. Бул 2009-жылы жасалма жолдастан алынған сүўретлер тийкарындағы мағлыўматлардағыдан 7,1 есе көп дегени. Сол ўақытта изертлеўшилер 400 миллиард теректи есаплаған.

Тереклер ең көп Россия (642 миллиард), Канада (318 миллиард), Бразилия (318 миллиард), АҚШ (228 миллиард) ҳәм Қытай (140 миллиард)да өседи.

Адамзат ҳәр жылы 15 миллиард теректи кеседи, бирақ усы ўақыт ишинде 5 миллиард терек өсип шығады. Көрилген зыян 10 миллиард терек деп есапланса, тереклердиң дүньядағы резерви 2300-жылға келип таўысылады.

ӨзА