“Davr-press”, баспасы тәрепинен белгили жазыўшы Муҳаммед Алидиң «Уллы салтанат» роман-эпопеясы төртинши мәрте баспадан шықты.
«Уллы салтанат» китабы төрт бөлимнен ибарат болып, ол оқыўшыға Саҳыбқыран ҳәм оның әўладлары ҳаққында бир-биринен қызықлы ҳәм тийкарланған мағлыўматларды береди.
Роман-эпопеяда оқыўшылар Саҳыбқыранның перзент тәрбиясындағы орны, мәмлекетти басқарыўдағы ҳүкимдарлық ўазыйпасы, халықаралық қатнасықлардағы мийнети, мәмлекетте ҳәм қоңсы еллерде алып барған дөретиўшилик жумыслары, Европаның қутқарыўшысына айланыўына себепши болған уллы саўаш ҳаққында оқыўы мүмкин.
ӨзА