И.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде «Ески Хорезм оссуарийлери» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди.

Музей фондында сақланып атырған экспонатлар, қубла Арал бойынан табылған археологиялық естеликлер бул жерде әййемнен жасап келген халықлардың мәденияты, үрп-әдетлери, дини ҳаққында гүўалық береди. Ески Хорезм зардуштлық дини кеңнен тарқалған. Сол себепли де Хорезм тарийхында зардуштлық дининиң ўатаны сыпатында тән алынады. Зардуштлықтың муқаддес китабы «Авесто» да ески Хорезм жеринде жаратылған. Зардуштлық дини кеңнен тарқалған дәўирде марҳумлардың сүйеклери оссуарийлерге салып жерленген.    

Көргизбеде орын алған оссуарийлер өзиниң көлеми, таярланыў усылына бола бир-биринен пүткиллей парықланады. Оссуарийлер керамика, тас ҳәм алебастерден исленген. Сийрек ушырасатуғын оссуарийлер Хожели районындағы Миздакхан археологиялық комплекси ҳәм Төкқала тарийхый естеликлеринен табылған.

photo_2019-08-21_20-01-44.jpg

photo_2019-08-21_20-01-45.jpg

photo_2019-08-21_20-01-49.jpg

photo_2019-08-21_20-01-51.jpg

Мақсет ХАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА