Өзбекстан Республикасы Президенти туризм тараўында әҳмийетли ҳүжжет – «Өзбекстан Республикасында туризм тараўын еле де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды. Пәрманда басқа мәселелер менен бир қатарда автомагистраль жоллар потенциалынан пайдаланыў ҳәм раўажландырыўға айырықша итибар қаратылған.
Ҳәммемизге белгили, жолаўшыларға қолайлық жаратыў, жол бойындағы орынларында исбилерменликти раўажландырыў ушын жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў зәрүр.
Сол себепли туристлик транспорт маршрутларын раўажландырыў, автомагистральлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде пәрман тийкарында жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў және автомагистраль жоллар бойлап туристлик хызметлер көрсетиўди нәзерде тутатуғын «Өзбекстанның туристлик магистралы» туристлик транспорт коридоры жаратылмақта.
Ол Әндижан ўәлаятының Хонобод қаласынан Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ қаласына шекемги (1,6 мың квадрат километр узынлықтағы) болған аралықты өз ишине алып, Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласындағы тармағын (370 км әтирапында) да нәзерде тутады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.