17-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Рахмановтың туўылғанына 75 жыл толыў мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.
Кешеге жазыўшы-шайырлар, оқыўшы жаслар, К.Рахмановтың дослары, ағайин-туўғанлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қоры баслығы Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, оның қарақалпақ әдебиятында поэзия, проза, драматургия жанрларында теңдей дөретиўшилик етип, қәлем тербеткенлигин, оның халықшыл ҳәм адамгершиликли, туўры сөзли инсан болғанлығын атап өтти.
К.Рахманов драматург сыпатында бир қанша шығармалар дөретип, оның спектакльлери Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының сахналарында көп жыллардан берли қойылып киятыр.
К.Рахманов қәлеминен дөреген «Едиге», «Мухаббат самалы» ҳәм т.б. спектакльлеринен үзиндилер театр актёрлары тәрепинен шебер атқарылды.
Шайыр ҳәм жазыўшы, драматург К.Рахманов қарақалпақ әдебияты тарыйхында жарқын жулдыз болып мәңги қалады.
Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы