Хабар берилгениндей, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде энергоресурслардың баҳалары артыўы бойынша пикирлесиў даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы қаржы министри Жамшид Қўчқоров былай дейди:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 30-июль күни «Жанылғы-энергетика ресурсларының баҳалары ҳәм тарифлерин өзгертиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бизлер усы қарар не ушын қабыл етилгенин айтып бериў ушын жыйналдық. Кең жәмийетшилик арасында 5 есе артты дегенлер де болды. Бул надурыс мағлыўмат.

Негизинде финанслық тәртипти беккемлеў, жанылғы энергетика комплекси кәрханаларының турақлы раўажланыўын ҳәм зыянсыз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде жаңа баҳалар енгизилди.

Ендигиден былай 1 киловатт/саат электр энергиясы 295 сум етип белгиленди. Бул алдынғы сумманың үстине 45 сум қосылды, дегени. Ямаса 1 куб метр тәбийғый газ 380 сум (+ 18 процент) етип белгиленди. Бурынғы сумманың үстине 60 сум қосылып атыр.

Базар экономикасында тас-тәрези дурыс болыўы керек. Баҳа еркин болыўы зәрүр. Баҳаның артыўы тәбийғый процесс. Бул ҳеш бир министрлик, шөлкемниң ықтыяры менен болмайды, базардың талабы.

Монопол шөлкемлердиң есабынан унамсыз жағдайлар ушырасып атырған болыўы мүмкин. Бирақ ўақты сааты менен ҳәмме тараў меншиклестириледи.

Өнимниң өзине түсер баҳасы ҳаққында айтатуғын болсақ, усы энергия дәреклериниң негизги өзине түсер баҳасы халыққа сатылып атырғанынан бираз жоқары есапланады. 1 киловатт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын 450 сум жумсалады. Сондай-ақ, 1 куб метр тәбийғый газди қазып шығарыў ҳәм қайта ислеў 751 сумды қурайды. Соны есапқа алып, мәмлекетимиз тәрепинен халықтың социаллық қорғалыўын шөлкемлестириў мақсетинде төмен баҳалар белгиленди. Сатып алынған затлар қәрежетлерди қаплайтуғын болыўы керек.»

Б.МЕЛИҚУЛОВА, ӨзА