Пайтахтымызда Ҳаял-қызлар ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы конвенцияның орынланыўы бойынша елимизде алып барылған жумысларды додалаўға бағышланған ушырасыў өткерилди.
Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген ушырасыўда тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты.
Ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў, олардың жәмийетте болып атырған реформалар процесиндеги белсендилигин буннан былай да күшейтиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси елимизде жүз берип атырған түпкиликли өзгерислерде тийкарғы орын ийелейди. Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж болған ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў, апа-қарындаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет шараятларын жақсылаў, әсиресе, аўыллық жерлердеги жас қызларды шанарақлық ҳәм жеке-меншик исбилерменликке, өнерментшиликке кеңнен тартыўға байланыслы жумысларды жаңаша тийкарда жолға қойыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болмақта.
Бизге белгили, ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлы болыўына ерисиў жолында 1979-жыл 18-декабрьде әҳмийетли қәдем тасланған еди. Сол күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас ассамблеясы Ҳаял-қызлар ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы конвенцияны қабыл етти. 30 статьядан ибарат болған конвенцияда, барлық ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлылығын тәмийинлеўге бағдарланған халықаралық-ҳуқықый түрдеги принциплер ҳәм илажлар анықлап берилген.
Өзбекстан усы конвенцияны 1995-жылы қабыл еткен ҳәм оның орынланыўы бойынша елимиздиң 5 периодлық баянаты БМШның CEDAW комитетинде додалаўға қойылып, ҳаял-қызлардың жағдайын буннан былай да жақсылаў бойынша зәрүр усыныслар белгиленген.
2019-жыл ноябрь айында Өзбекстан Республикасы тәрепинен БМШның CEDAW комитетинде (Женева қаласы) Ҳаял-қызлар ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық түрлерин сапластырыў конвенциясының орынланыўы бойынша 6-периодлық баянаты усынылады. 5-периодлық баянатын көрип шығыў жуўмақларына бола CEDAW комитетиниң усынысларын орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Миллий ҳәрекетлердиң режеси қабыл етилген.
Бул конвенция елимизде ҳаял-қызларға байланыслы қабыл етилген миллий нызамшылыққа үйлеслиги менен әҳмийетли болып есапланады. Жоқарыда атап өтилген пәрманға муўапық елимизде Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды шөлкемлестирилди. Қызлар, жас өспирим қызлардың саламатлығына, билим алыўға байланыслы жумыслар және де жетилистирилди. Орынларда аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған ҳаял-қызларды өз ўақтында анықлаў, олар менен жеке тәртипте ҳәм анық мақсетке бағдарланған жумысларды алып барыў бойынша белгили система жолға қойылды. Мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларында ҳаял-қызлардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша бизнес инкубаторлардың жумысы кеңнен жолға қойылды. Мәҳәллелерде ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша 9 мыңнан аслам қәниге жумыс алып бармақта.
Ушырасыўда жәмийеттиң раўажланыўында ҳаял-қызлардың орны, аналық ҳәм балалықты қорғаўға қаратылған нызамлардың жаратылыўы, пидайы, жоқары потенциаллы, излениўшең, билимли, өз кәсибиниң шебери болған ҳаял-қызлардың жәмийеттиң социаллық турмысындағы белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықый, социаллық, мәдений мәплерин қорғаў, олардың жумысына иркиниш жасап атырған тосқынлықларды сапластырыў бойынша пикир жүргизилди. Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлик мәселесин шешиўге жәрдемлесиў, мийнет етиў ҳәм дем алыўын шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысылды.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Элмира Боситхонова шығып сөйледи.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы