Хабар бергенимиздей, 29-июль күни жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын тест сынақлары басланды.

Республика бойынша 66 үлкен сыйымлы имаратларда тест сынақлары болып өтти. Тест сынақлары 2 сменада шөлкемлестирилип, қатнасыўы белгиленген 71 340 абитуриенттен 68 736 абитуриент тест сынақларына келди. 2 538 абитуриент тест сынақларына келмеди. 13 абитуриент аймаққа кириў алдында, 53 абитуриент болса имаратта тәртип-қағыйдаларды бузғанлығы ушын тес сынақларынан шетлетилди.

Буннан тысқары, абитуриентлердиң тест сынақларына кешигип келиў жағдайлары да бақланбақта.

Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги тийисли қарарына муўапық абитуриентлер тест сынақлары өткерилетуғын күни тийисли аймаққа 07:00 (екинши смена саат 14:00) ге шекем имаратқа саат 07:30 (екинши смена саат 14:30) ге шекем тек ғана «Абитуриент рухсатнамасы» ҳәм паспорты менен шахсты идентификациялаў қураллары арқалы киргизиледи.

ӨзА