Олий Мажлис Сенаты Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң мәжилисинде Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2019-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылыўы белгиленген мақсетли  ўазыйпаларды орынлаў бойынша есабы тыңланды.

Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, маман қәнигели педагог кадрлар менен тәмийинлеў, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен қамтып алыўды кескин арттырыў, билимлендириў ҳәм тәрбия процесслерине заманагөй билимлендириў бағдарламалары ҳәм технологияларын енгизиў арқалы перзентлеримизди интеллектуаллық, руўхый-эстетикалық, физикалық жақтан раўажландырыў және оларды мектепке таярлаўдың сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.

2.JPG

Атап айтқанда, бүгинги күнде министрлик системасындағы 9 мың 774 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 1 миллионнан зыят балаларға 81 мыңнан аслам педагог тәлим-тәрбия берип келмекте. Олардың басым көпшилиги ямаса дерлик 70 проценти  орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болғаны ушын министрлик тәрепинен балалар бақшаларын басқышпа-басқыш жоқары мағлыўматлы кадрлар менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, министрликтиң усынысына бола Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдеги «2019/2020 оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлери ҳаққында»ғы қарарына муўапық усы мақсетлерге бакалавр басқышының күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларына жәми 6 мың 400 ден аслам квоталар ажыратылды.

Тараўда алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны да көбейип бармақта. Ҳәзирги күнде 3 мың 942 мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси болып, олардың жумысын буннан былай да хошаметлеў мақсетинде бундай жумыс түрин әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 29-апрельдеги тийисли қарары менен шекленбеген мүддетке берилетуғын болды.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде исбилерменлер тәрепинен аутсорсинг тийкарында хызмет көрсетиў  системасы енгизилди. Соның ишинде, бүгинги күнде 266 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 60 исбилермен тәрепинен 63 мың 760 тәрбияланыўшыға азық-аўқат таярлаў хызмети көрсетип келинбекте.

Атап өтилгениндей, 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарлама тийкарында 461 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде қурылыс ҳәм қайта оңлаў жумыслары алып барылмақта.

7.JPG

Мәжилисте тараўға байланыслы әҳмийетли мәселелер және министрликтиң жумысын үйрениў даўамында анықланған қәте-кемшиликлер қызғын додаланды.

Атап айтқанда, бүгинги күнде 3 жастан 7 жасқа шекемги 1,5 миллионнан аслам бала ямаса олардың 60 проценти мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине тартылмай қалмақта. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары тийкарында алып барылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары нәтийжесинде жаңадан қурылып атырған турақ жайлардың әтирапында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине болған талап артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта аймақларда 981 мәҳәлледе мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириўге зәрүрлик бар екенлиги мәжилисте айрықша атап өтилди.

Орынлардағы районлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оларда заманагөй шараятларды тәмийинлеў бағдарында министрлик тәрепинен жол қойылған кемшиликлер мәжилисте ҳәр тәреплеме додаланды. Атап айтқанда,  көпшилик мәкемелерде компьютер қураллары менен тәмийинлеў ҳәм оларды интернет тармағына жалғаўға байланыслы жумыслар өз жуўмағына жетпеген. Әсиресе Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында бул тапсырмалар толығы менен орынланбаған.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.

8.JPG

Нурилло Насриев,

ӨзАның хабаршысы