Буннан былай, аўыл хожалығы тараўындағы ҳуқықбузарлықларды анықлаў, олардың келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын сапластырыў илажларын көриў, нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды алып барыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.
Усы инспекцияның жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлими тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, буннан былай елимиз жәҳән базарында тек ғана шийки зат жеткерип бериўши емес, ал дүнья базарын аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлейтуғын ел сыпатында беккем орын ийелеўи керек. Сонлықтан, усы тараўда турмысқа енгизилип атырған реформалар жаңа басқышқа өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-марттағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары, әне, усы мақсети менен әҳмийетли.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң усы жыл 12-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жумысын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған тийкарланып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Режеси де тастыйықланып, ўазыйпалары белгиленди.
Енди инспекция аўыл хожалығы тараўындағы нызамшылықтың орынланыўы, пахта ҳәм масақлы дәнли егинлердиң туқымларына мәмлекет тәрепинен буйытпа бериў, туқым таярлаў ҳәм оны қайта ислеў, сақлаў бойынша талаплардың орынланыўы, мәмлекетлик буйыртпаның режели түрде әмелге асырылыўына муўапық көлемде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қорларын қәлиплестириў бойынша талаплардың орынланыўын қадағалап барады.
Сондай-ақ, инспекцияға пахта, масақлы дән ҳәм басқа аўыл хожалығы егинлериниң өними және олардың туқымлары, сондай-ақ, олардан қайта исленетуғын өнимлердиң сапасы, мақсетке муўапық пайдаланылыўы, олардың сапалы сақланыўын қадағалаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Экспорт-импорт ҳәм республика ишиндеги тасыўларда пахта шийки заты, масақлы дән ҳәм басқа аўыл хожалығы егинлериниң өними, олардың туқымлары, олардан қайта исленген өнимлердиң сапасын мәжбүрий мәмлекетлик тексериўден өткериў мәселелери де усы инспекция тәрепинен әмелге асырылады.
Сондай-ақ, алдағы ўақытлары Инспекция тәрепинен жоқарыда көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў кең көлемли анық функциялар менен белгилеп берилди.
Алдағы ўақытлары аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди фермер, дийқан хожалықларына ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына аўыл хожалығы мақсетлери ушын, сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға аўыллық емес хожалық мақсетлери ушын жер участкаларын ажыратыў бойынша нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талаплардың бузылыўының алдын алыўға байланыслы комплексли илажлар әмелге асырылады.
Жерлерден мақсетли түрде пайдаланып, суўғарылатуғын егислик майданларды пайдаланыўдан шығарыўға қатаң түрде жол қойылмайды. Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша дүзилген шәртнама миннетлемелерине бойсыныў тәмийинленеди.
Усы қарар менен тастыйықланған Режеге муўапық, Инспекция ўәкиллигине тийисли жумыслар бойынша тексериў өткериў ўәкиллигине де ийе болды.
Атап айтқанда, аўыл хожалығы жерлеринен дурыс пайдаланбаў, оларды қорғаў, суў ресурсларының ысырапкершилиги, минерал төгинлер ҳәм жанылғы-майлаў материалларын урлаў, гидротехника, мелиорация қурылмалары ҳәм аўыл хожалығы техникасынан надурыс пайдаланыў жағдайларын анықлайды.
Нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлердиң талаплары бузылыўына жол қоймаў бойынша лаўазымлы шахсларды ескертип барады. Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге, сондай-ақ, мәкемелик бойсыныўына ҳәм мүлкшилик түрине қарамастан юридикалық шахслар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына және физикалық шахсларға орынлаўы мәжбүрий болған жазба көрсетпелер береди.
Тараўда нызам бузылыўы жағдайларын ҳәм оларды келтирип шығаратуғын себеп және шараятларды сапластырыў бойынша өз ўәкиллиги шеңберинде мәкемелик бойсыныўына ҳәм мүлкшилик түрине қарамастан кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге орынланыўы мәжбүрий болған усыныслар береди.
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды алып барыў, Инспекция ўәкиллигине тийисли жумысларды көрип шығыў ҳәм ҳәкимшилик жазаларды қоллайды.
Суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суўдың тутыныўшылары тәрепинен суў алыў тәртибин бузғанлығы ушын жәрийма санкцияларын қолланады.
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды алып барыў әмелиятын таллап барыў, олардың есабын жүргизиў ҳәм усы тараўда бирден-бир әмелиятты қәлиплестириў де инспекцияға жүкленген.
Булардың барлығынан гөзленген тийкарғы мақсет – аўыл хожалығында әдалатлы нызамшылық қадағалаўы системасын жаратыўдан ибарат. Демек, республика ҳүкиметиниң усы қарары халқымыздың мәпи, абаданлығы ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлес қосады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.