Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың «Қарақалпақстан» телеканалының «Әҳмийетли сәўбет» көрсетиўинде мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасында жоқары оқыў орынларына тест сынақлары 2019-жыл 29-июльдан басланады.

Соның менен бирге, тест процесси 15 күн даўам етиўи жобаластырылған. Бул Өзбекстан бойынша ҳәр бир аймақтағы абитуриентлердиң санына байланыслы болып есапланады.

Еслетип өтемиз, өткен жылы Өзбекстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары 1-августта басланған болса, 13-август күни толық жуўмақланған еди. Ал Қарақалпақстанда болса тест процесси 1-11-август күнлери аралығын толық өткерилип болынған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.