Туўылған күним мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлап, қызғын қутлықлаўлар ҳәм жақсы тилеклерди жоллаған мәмлекет және ҳүкимет басшылары, сырт еллердиң сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, исбилермен топарлардың ўәкиллери, елимиздеги мәҳәллелер ҳәм мийнет топарлары, ҳәр қыйлы кәсип ийелери болған барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылық билдиремен.

Маған билдирилген быйылғы қутлықлаў ҳәм тилеклерди, бәринен бурын, көп миллетли Өзбекстан халқы ҳәм мәмлекетине жоқары ҳүрмет белгиси, елимиздиң дүнья көлеминде артып баратырған абырай ҳәм мәртебесиниң және бир рет тән алыныўы сыпатында қабыл етемен.

Пайыттан пайдаланып, мийнеткеш, мәрт ҳәм адамгершиликли халқымызға шын жүректен өзимниң шексиз меҳир-муҳаббатымды ҳәм ҳүрметимди билдиремен.

Бизлер халқымыз бенен биргеликте жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўына ҳәм елимиздиң абаданлығына ерисиў бойынша алдымызға қойған үлкен ҳәм абырайлы мақсетлерге, әлбетте, жетемиз, деп исенемен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА