Бир неше күнлерден соң Өзбекстандағы Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханлары басланады. Быйылғы тест сынақларының алдынғыларына қарағанда айырмашылығы неде, абитуриентлер ушын қандай қолайлықлар ҳәм жаңалықлар бар?

Бул сораўларға Мәмлекетлик тест орайының баслығы Мажид Каримов төмендегише жуўап берди, деп жазады kun.uz сайты.

-Ең үлкен өзгерис 2019-2020-жылғы оқыў жылы ушын Жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжет тапсырыў процесинде көзге тасланды. Өйткени абитуриентлер быйыл ҳүжжет тапсырмады, тек ғана дизимнен өтти. Буннан тысқары оларға Өзбекстанның қәлеген аймағынан турып, өзлери қәлеген жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылды.

Екинши жаңалық, быйылғы тест сынақлары 29-июльден басланады. Еслетип өтиў керек, 20-июльден баслап болса рухсатнамаларды тарқатыў процеси даўам етпекте. Бул процесстиң Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайты арқалы да әмелге асырылып атырғаны және бир қолайлық болды, соның ишинде, ҳәзирги күнге шекем төрт жүз мыңнан аслам абитуриент өз рухсатнамаларын электрон түрде алды.

Рухсатнамалар абитуриентке үш билимлендириў мәкемесине ҳүжжет тапсырыў имканиятын береди. Бул болса жоқары балл топлаған абитуриент үш билимленриў мәкемесиниң биреўине киреди деген сөз.

Абитуриентлер санының өсиўи есапқа алынып, өткен жылғыға қарағанда 12 қосымша тест болып өтетуғын имарат таярланып, олар кондиционерлер менен тәмийинленди.

Қосымша етип айтып өтиў керек, 2019-2020-оқыў жылы алдынан жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўдың пуллы механизми қабыл етилди. Оннан келип түскен қаржылар тест процесиниң сапасын турақлы түрде жетилистириўге, ашық-айдынлықты тәмийинлеўге, сондай-ақ, АҚШтың  Scantron компаниясының тест нәтийжелерин оператив түрде жәриялайтуғын алдынғы технологиялық қуралларынан пайдаланыў ушын жумсалады. Бул оптикалық сканердиң биреўи 150 мың доллардан қымбатырақ турады. Бундай технологияларды сатып алыў ушын бюджеттен тысқары қаржылар керек болады.

Мәмлекетлик тест орайы қорына түсип атырған қаржылар Өзбекстан  Республикасы қаржы министрлиги тәрепинен қадағалап барылады.

Жеңилликлерден пайдаланып, тест сынақларында қатнасыў ҳуқықы майыплығы болған абитуриентлер, әскерий хызметкерлердиң перзентлери, сондай-ақ. мақсетли қабыллаў ушын имтиханлар да өз алдына өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги