Қытай Айды ҳәм космосты пүткил инсанияттың мәплерин гөзлеп изертлемекши. Бул ҳаққында сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Хуа Чуньин мағлыўмат берген.

«Айды изертлеў – әҳмийетли басқыш. Пуқта реже тийкарында өзлеримиз емес, дүньяның мәпи ушын ҳәрекет етиўимиз керек», деди ол.

ТАССтың хабарына бола, Айға адамның қәдеми жеткенине елиў жылдан артқанын еслетип, бул изертлеўлерди даўам еттириў зәрүрлиги бар екенлигин айтқан. Буннан тысқары, қытайлылар 2020-2025-жылларда Марсты изертлеў жойбарын да әмелге асырмақшы.

ӨзА