Ҳиндстанның шығыс аймақларында жүз берген быйылғы мәўсимлик суў тасқынларының ақыбетинде 8 миллион халық жәбирленген. Қайтыс болғанлардың саны 106 ға жеткен. Бихар штатындағы 12 округ суў астында қалған.

photo_2019-07-25_12-25-50.jpg

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң хабарына бола, Конго мәмлекетинде тарқалған Эбола вирусының эпидемиясы адамзат тарийхындағы халықаралық көлемдеги айрықша жағдай деп тән алынбақта. Шөлкем тәрепинен аймақта вирустың тарқалыў көлемин қысқартыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

2018-жылдың июль айынан аймақта Эбола вирусы тарқала баслаған. Быйылғы жылдың усы дәўирине шекем вирус пенен кеселленгенлердиң саны 2512 ге жеткен. Олардан 700 и медициналық емлеўлер тәсиринде саўалыўға ерискен. 1676 сы кеселлик ақыбетинде қайтыс болған.

photo_2019-07-25_12-25-51.jpg

Американың ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен мәмлекет Президенти Дональд Трамп халық алдында шығып сөйледи. Вашингтон. Линкольн естелиги әтирапы.

З.МИРЗАБОЕВА, ӨзА