2019-жылдың жазғы дем алыў мәўсиминде Ташкент регионаллық темир жол узелине қараслы дем алыў орынлары,  яғный «Қибрай» ҳәм «Янги авлод» балалар саламатландырыў лагерьлеринде жәми 2500 ге шамалас балалардын дем алыўы ҳәм саламатландырылыўы нәзерде тутылған.

Ташкентте қубла темир жол вокзалында Аралбойы регионынан 500 ден аслам ул-қызлар күтип алынды. Олар да усы «Қибрай» балалар саламатландырыў лагеринде дем алып, денсаўлықларын тиклеп алады.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятынан келген балалар вокзалдың өзинде «Өзбекстан темир жоллары» АЖға қараслы Жол болалар емлеўханасының шыпакерлери тәрепинен медициналық тексериўден өткерилди. Соннан кейин заманагөй автобусларда «Қибрай» балалар саламатландырыў лагерине алып барылды.

Ташкент ўәлаятының пайызлы орнында жайласқан бул дем алыў орнында балалар жазғы дем алысын заўықлы өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған.

ӨзА